Дүнё" МАның хабар бериўинше, бул инсаныйлық жойбары мәмлекетимиз басшысының елимизде "С" гепатитин 100 процент емлеў бойынша басламасы орынланыўы шеңберинде әмелге асырылды.
Өзбекстан дипломатиялық ўәкилханасы ҳәм Египет Денсаўлықты сақлаў министрлиги басшылары арасында өткерилген сөйлесиўлер нәтийжесинде улыўма баҳасы 114.829 АҚШ долларына тең 31 қутыда 7440 дана болған "С" гепатитине қарсы “Sofosbuvir-400mg” дәри қуралы елимизде бийғәрез инсаныйлық жәрдеми сыпатында усынылыўына ерисилди. Бул дәри-дәрмақлар 31-май күни “Uzbekistan Airways” авиакомпаниясының самолётында Шарм эль-Шейх - Ташкент авиа жөнелиси бойынша Өзбекстанға алып келинди.
Бул дәри қураллары мәмлекетимизде "С" гепатитин 2030-жылға шекем сапластырыў бойынша миллий бағдарламаға тийкарланып Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Вирусология илимий-изертлеў институтына усынылады.
Өзбекстан елшиханасының хабарына бола, 2023-2024-жыллары Египет ҳүкимети тәрепинен мәмлекетимизге "С" гепатитине қарсы гүресиў ушын улыўма салмағы 12,4 тонна болған “Daclatasvir” ҳәм “Sofosbuvir” дәри қураллары 27 партияда инсаныйлық жәрдеми сыпатында берилген.
Бул дәри қуралларының улыўма баҳасы 1,4 миллион АҚШ долларына тең.









