Өзбекстан делегациясы Египеттеги ири «Minafarm» биофармацевтика тараўындағы компаниясының жоқары сапалы, арзан ҳәм талап жоқары дәри өнимлерин ислеп шығарыў процеси менен танысып, оның бар имканиятлары менен потенциалын үйренди.
Компания басшылары менен өткерилген сөйлесиўлер ўақтында бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарлары додаланды.
Өз-ара келисимге бола, бул бирге ислесиўдиң биринши басқышында Египет компаниясы қәнигелериниң Өзбекстан фармацевтика базарын үйрениў, таллаў ҳәм тийисли жойбарды таярлаў мақсетинде усы февраль айында мәмлекетимизге сапары шөлкемлестириледи. Сондай-ақ, сапар даўамында Ташкент ўәлаяты "Паркент" еркин экономикалық зонасы аймағында дәри қуралларын ислеп шығарыўды жолға қойыў ушын жергиликли жумысшыларды жаллаў ҳәм олардың кәсиплик маманлығын арттырыў жумыслары шөлкемлестириледи.
Кейинги басқышта болса Египет компаниясы тәрепинен тараўға байланыслы алдынғы технологияларды усыныў, дистрибюторлық орай ашыў, ислеп шығарылған дәри-дәрмақларды мәмлекетимизде дизимнен өткериў, локализациялаў, ислеп шығарыў ҳәм сырт елге экспорт етиўге байланыслы ўазыйпалар режелестирилген, деп хабар береди "Дунё" ХА.