"Дунё" МАның хабар бериўинше, Египет тәрепи улыўма баҳасы 114.829 АҚШ доллары болған 28 қутыда 7440 дана "С" гепатитине қарсы бийғәрез “Sofosbuvir-400mg” дәри қуралының 2025-жылдағы екинши партиясын усынды.
7-июнь күни “Uzbekistan Airways” авиакомпаниясы Египет ҳүкимети тәрепинен инсаныйлық жәрдеми сыпатында ажыратылған "С" гепатитине қарсы қуралларын Шарм эль-Шейхтан Ташкентке жеткерип берди.
Бул дәри-дәрмақлар Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Вирусология илимий-изертлеў институты тәрепинен емленип атырған наўқасларға тарқатылады.
Өзбекстан елшиханасының мағлыўматына бола, 2023-2024-жыллары Египет ҳүкимети тәрепинен мәмлекетимизге "С" гепатитине қарсы гүресиў ушын улыўма салмағы 12,4 тонна болған “Daclatasvir” ҳәм “Sofosbuvir” дәри қураллары 27 партияда инсаныйлық жәрдеми сыпатында берилген.
Бул дәри-дәрмақлардың улыўма баҳасы 1,4 миллион АҚШ долларына тең.