Өзбекстан Президентиниң С гепатит кеселлигин 100 процент емлеў бойынша басламасы орынланыўы шеңберинде 14-декабрь күни "Uzbekistan Airways" авиакомпаниясы Египет ҳүкимети тәрепинен мәмлекетимизге гуманитарлық жәрдем сыпатында ажыратылған "С" гепатитине қарсы "Софосбувир-400mg" дәринин Шарм аш-Шайхтан Ташкентке жеткериў процесин қайта жолға қойды, деп хабар бермекте "Дунё" ХА
Бул сегизинши партиядағы жәрдем улыўма 30 қутида 7200 дана "Софосбувир-400mg" дәрилерин өз ишине алады.
Дәри-дәрмақлар Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Вирусология илимий-изертлеў институты тәрепинен емленип атырған наўқасларға бөлистириледи.
Өзбекстан елшиханасының хабарына бола, Египет ҳүкимети тәрепинен улыўма баҳасы 4,2 миллион АҚШ долларына тең болған жәми 800 мың дана (40 тоннаға шамалас) С гепатитине қарсы "Даклатасвир" ҳәм "Софосбувир," В гепатитине қарсы "Энтекавир" дәри-дәрмақларынын бийғәрез грант жәрдем ретинде Өзбекстанға бериў бойынша келисимге ерисилген.
Ҳәзирги ўақытқа шекем салмағы 13,4 тонна, улыўма баҳасы 1461 мың долларға тең болған усы дәри-дәрмақлар мәмлекетимизге басқышпа-басқыш жиберилди.