"Дунё" МАның хабар бериўинше, мәмлекетимиз елшиханасы ҳәм Египет Денсаўлықты сақлаў министрлиги басшылары арасында өткерилген сөйлесиўлер нәтийжесинде ерисилген келисимге бола, улыўма баҳасы 114.829 мың АҚШ доллары болған 28 қутыдағы 7440 дана "С" гепатитине қарсы "Sofosbuvir-400mg" дәри қуралларының 2025-жылдағы үшинши партиясы Шарм эль-Шайхтан Ташкентке "UzAirways" авиакомпаниясы жәрдеминде алып келинди.

Бул дәри-дәрмақлар Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Вирусология илимий-изертлеў институтына усынылады ҳәм олар емленип атырған наўқаслар арасында бөлистириледи.

Өзбекстанның Каирдағы елшиханасының мағлыўматына бола, Египет ҳүкимети тәрепинен 2023-2024-жыллар даўамында бул вирусқа қарсы салмағы 12,4 тонна болған "Daclatasvir"ҳәм "Sofosbuvir" дәри-дәрмақларының 27 партиясы мәмлекетимизге жеткерип берилген. Бул дәри қуралларының улыўма баҳасы 1,4 миллион долларды қурайды.