Көпшилигимиз IT (информациялық технологиялар) дегенде бизге жат, узақтағы қол жетпес тараўды түсинемиз. Бирақ әтирапымыз, ислеп атырған жумысларымыз, күнделикли турмысымыз усы тараў менен тығыз байланысып кеткенин итибардан шетте қалдырамыз. Бул тараўды халқымыз арасында үгит-нәсиятлаў, мәнис-мазмунын түсиндириў жумыслары бираз ақсап атырғандай, нәзеримизде.

Дурыс, бул бағдарда әмелге асырылып атырған әмелий жумыслар тән алыўға арзыйды. Санлы технологиялар министрлигиниң шөлкемлестирилгени, ҳәр бир аймақта жумыс алып барып атырған IT парклер, бийпул ямаса арзан курслардың жумысы жолға қойылғаны, грантлар ҳәм стипендиялар ажыратылып атырғаны, қәнигелер менен тынымсыз ушырасыўлар өткерилип атырғаны тараўдағы жумыслардың қаншелли көлемли екенин көрсетеди.

Гәп IT үгит-нәсиятлаў ҳаққында барар екен, бул бағдардағы ҳәрекетлеримиздиң ең болмаса, көриниси ҳаққында айтып өтиў орынлы. Бул тараўдың не екени ҳәм имканиятлары ҳаққында улыўма мазмундағы түсиндириў жумыслары турақлы алып барылады. Оның аралықтан жумыс ислеў, жоқары дәрамат дәреги ҳәм еркин жумыс ўақтына бейимлескени ҳаққындағы үгит-нәсиятлаўларға да көп гүўа боламыз. Тараўда табысқа ерискен инсанлардың бүгинги жумысы ҳаққында мысаллар көрген көзди қуўандырады. Бирақ, мине, усы көзди қуўандыратуғын жеринде және бир нәзик тәрепи де бар, бул әйне усы тараў ҳәм оған қызыққан инсан арасында шегараның пайда болыўы болып есапланады. Шетки аймақлардағы ҳәмме адам да IT ҳаққында терең түсиникке ийе емеслигин дурыс қабыл етиў керек. Соның ушын бул тараўдың абзаллықларын үгит-нәсиятлаў, компьютер ямаса телефон арқалы жақсы дәрамат табыў имканиятларын түсиндириў, аўылда жасап та IT арқалы пул табыў мүмкин екенин мысаллар менен көрсетип бериў керек.

Еки жылдай алдын усы темада программист достым менен сәўбетлесип қалған едик. Сонда ол қызық гәплерди айтқан еди:

- Бизиң көпшилик адамлардың санасында бай болыў ушын, әлбетте, қара терге түсип ислеў керек деген түсиник бар. Яғный базарда саўда етиўиң, я бизнес яки өндирис ислеўиң керек, деген пикир. Бирақ физикалық мийнет - байлық емес, тек тиришилик жолы.

Қарасам, гәпинде жан бардай. Гәпине қосылып-қосылмай атырғанымды, бирақ қызығып турғанымды көрип даўам етти:

- Бул ескише көзқарас, бирақ елеге шекем жүдә кең тарқалған. Адамлар бай болыў ушын физикалық мийнет етиў шәрт, деп ойлайды. Себеби бурын тек усы жол бар еди. Бүгин дүнья өзгерди - ақыл мийнети, технологиялар тийкарғы байлық дәреги болды. Мине, қара, бизнес ашыў ямаса базарда саўда ислеў ушын үлкен ақша ҳәм тәўекелшилик етиў керек. Ҳәммеде де сондай мүмкиншилик бар деп ойлайсаң ба? Яқшы, бизнес яки саўда басладың, дейик. Бирақ бир күнде 24 сааттан көп ислей алмайсан. Ўақтың, күшиң шекленген. Программа жазсаң-ше? Бир мәрте жазсаң, мың мәртебе ислей береди. Ямаса видеокурс таярлайсан - жыллар даўамында сатыла береди. Веб-сайт жаратыў ямаса дизайн ислеў де сондай: бир мәрте ислеп шығып, турақлы дәраматты жолға қойыў мүмкин.

Оның гәплеринен түсингеним, тийкарында адамлар IT ға қарсы ямаса жат емес, олардың көпшилиги тараўды жақсы түсинбейди. Мәселе мәлимлеме технологиялары ҳаққында емес, биз оны қалай үгит-нәсиятлап атырғанымызда. Демек, бул жерде айып усындай көзқарастағы адамларда да емес, бәлки оны үгит-нәсиятлап атырғанларда, анығырағы, жетерли дәрежеде үгит-нәсиятлай алмай атырғанларда.

Соң оннан ITти үйрениўди қай жерден ҳәм неден баслаў кереклиги ҳаққында сорайман. Ал жуўабы болса алдыңғы гәплеринен де қызық:

- Адамлар ITти тек программаластырыў деп ойлайды, бирақ өзлери әллеқашан оннан пайдаланып киятырғанын қыялына да келтирмейди. Әпиўайы мысал: телефонында Google излеў системасынан мағлыўмат излеп атырған адам санлы дүньяда ислеўди үйренип болған адам. Ол мағлыўмат излеўди үйренбей атыр, оннан кейинги басқышларда ҳәрекет етип атыр.

Tik-Tok, Telegram ямаса Instagram социаллық тармағына видео жайластырып атырсаң, айтайық - SMM шебериниң жумысы әне усылай басланады. Кейин ала өз үстинде ислеп, жетилисип барады. Көпшилик жаслар телефонда сүўретке жазыў қосыў, видеониң реңин ямаса формасын өзгертиўди биледи. Дизайншылықтың басланыўы мине усындай.

Ҳәзир көпшиликтиң YouTube социаллық тармағында бети бар. Жазылыўшылары ҳәм тамашагөйи санаўлы болса да, видео қырқыў, даўысты монтажлаўды биледи. Видеомонтажшылық, ҳәттеки видео редакторлық та мине усы жумыслардан басланады. Оқыў курсына барсаңыз, дәслепки ўақытлары сизге усы ҳәм усыған уқсас көнликпелер үйретиледи.

Telegram социаллық тармағында жеке бети барлар ҳаққында да сол гәп: бул әйне интернет маркетинг тараўындағы көнликпениң қәлиплесип болғанын билдиреди. Онда контент менеджери болыў имканияты бар! Тек оның үстинде ислеў, бираз жетилистириў керек, болғаны.

Биз бир нәрселерди онлайн сатып алғанымызда электрон коммерцияның қалай ислеўин түсинип болған боламыз. Демек, өзимиз де бул исти ислей аламыз.

Қандай да бир өнерди, мәселен, тигиўшилик ямаса кепсерлеўди жақсылап үйрениў ушын орташа 6 ай ўақыт кетеди, дейик. Егер адам ҳәр күни 2 саатын ITди үйрениўге жумсаса, 6 айда интернет арқалы пул ислей баслаўы мүмкин, - деген еди сәўбетлесим.

Кейин бул гәплердиң дәлилин көп көрдим. Кәсип бойынша ҳәр қыйлы қәнигелер менен сөйлесиўге, интервью алыўға туўра келеди. IT тараўы қәнигелери менен сөйлесиў ҳақыйқатында да қызық. Өзиниң жумысын пуқта биледи, басқалар менен иси жоқ. Көбиси өз алдына бир дүньяда жасайтуғындай сезиледи маған.

Бақлаўларымнан жуўмақ шығарғаным, көпшилик программаластырыў, SMM ямаса ITниң басқа бағдарлары ушын, әлбетте, жоқары мағлыўмат керек, деп ойлайды. Бирақ графикалық дизайн, веб-дизайн, тестлеў, программаластырыў, SMM сыяқлы тараўлар барлық ўақытта жоқары мағлыўмат талап етпейтуғынын қыялына да келтирмейди. Ямаса мәлимлеме технологиялары менен шуғылланыў ушын, әлбетте, инглис тилинен хабардар болыў керек, дейди. Бирақ графикалық дизайн, мобил қосымша ислеп шығыў, веб-дизайн сыяқлы бағдарлар шет тилин онша талап етпейтуғынын билмейди. Ямаса бул тараўларды үйрениў ушын, әлбетте, ўәлаят ҳәм қала орайларына барыў, турақлы пул төлеў ямаса бир неше жыллап ўақыт ажыратыў керек деп есаплайды. Бирақ социаллық тармақлар ҳәм сайтларда пул талап етилмейтуғын ресурслар бар екенинен бийхабар.

Бундай тәреплер ҳақыйқатында да көп. Көпшилик адамлар ITди тек программаластырыў, ҳәр түрли қурамалы алгоритмлер, санлар, жүдә аз адам түсинетуғын формулалар жыйындысы деп ойлайды. IT тек кодлаў ямаса кодлар жыйындысы емес. Дизайн, маркетинг, видеомонтаж, тестлеў сыяқлы түсиниклер усы тараўдың тийкарын қурайды. IT менен шуғылланатуғын адам математика ҳәм инглис тилин жақсы билиўи керек, деген пикир де бар. Негизинде IT менен шуғылланыўды баслаў ушын әпиўайы түсиниклерден хабардарлық ҳәм бираз турмыслық тәжирийбе жеткиликли. Программист болыў ушын бирнеше пәнлерди қайта оқыў, 10 жыллап ўақыт сарыплаў керек, деп ойлаймиз. Бул исти жаслықта үйрениў керек, енди кеш болды, тыныш ғана қара мийнет етип жүргеним жақсы, дейтуғынлар да табылады. Бирақ әтирапымызда 40-50 жаста ITди үйренгенлер, узағы 2-3 жылда жақсы қәниге болып қәлиплескенлер де бар. Ең тийкарғысы, биз қәте етип қойыўдан қорқамыз. Бирақ қәлеген тараўды алып көриң, үйрениўди баслағанда ҳәмме қәтеге жол қояды ҳәм бул тәбийғый жағдай.

Өзимше ойланаман: ITди әпиўайы үгит-нәсиятлаў ушын нелер ислеў керек? Мүмкин, биз оны надурыс үгит-нәсиятлап атырған шығармыз? Тараўды тек ғана "көп пул табыў жолы" деп емес, ал турмыс тәризимиздиң бир бөлеги сыпатында түсиндириўимиз керек пе? IT тек программаластырыў емес, ал түрли кәсиплер жыйындысы екенин, қалаберсе, бүгин барлық тараўда оның бар екенлигин көрсетиўимиз керек пе?

Бул сораўлардың әмелий жуўабы шама менен төмендегише болады:

Бәринен бурын, IT келешек кәсиби екенин түсиндириў керек. Кәмбағаллықтан шығып кетиўдиң ең жақсы жолларынан бири IT екенин әпиўайы усылда үгит-нәсиятлаў талап етиледи.

Аўылда жасап турып ол арқалы бай болғанлар, жақсы жасап атырғанлар ҳаққында мақалалар, интервьюлер, жанлы очерклер таярлаў мүмкин. Адамлардың санасында "Бул адам иследи ме, мен де ислей аламан!" деген түсиникти пайда етиўимиз керек. Ямаса ITди үйренип, базарда ислеўден бас тартқанлар, саўда-сатықты тоқтатқанлар менен сөйлесиў, сәўбетлер шөлкемлестириў де нәтийже береди.

Жаслар өзине уқсағанлардан үлги алады. Соның ушын реал турмыстағы табыслы мысалларды келтириў әҳмийетли. IT арқалы кәмбағаллықтан шығып кеткен инсанлардың тарийхы басқалар ушын да қызық. Тараў қәнигелери қанша дәрамат табыўы мүмкин екенлигин түсиндириў ҳәммени де қызықтырады.

IT - бул биз ислей алмайтуғын жумыс емес, ал ҳәзирги ўақытта ислеп атырған жумысымыз екенлигин түсиндире алсақ, мақсетимизге бирқанша ерискен боламыз. Жоқарыда айтып өткенимиздей, биз IT ҳаққындағы басланғыш билим ҳәм көнликпелерге әллеқашан ийемиз. Қолымыздағы телефонда көп функцияларды орынлай аламыз: сайтларға кире аламыз, социаллық тармақлардағы бетлеримизге ҳәр қыйлы медиа өнимлерди жайластыра аламыз ҳәм т.б. Бирақ булардың өзи де IT екенлигин, оның анық бир бөлеги екенлигин билмеймиз яки билиўди онша қәлемеймиз.

Жақында жумыс пенен банкке бардым. Нәўбетимди күтип отырман. Қасымдағы жас жигит ноутбугин ашып, бир нәрселер ислеп отыр. Нәўбет күтип атырғанлар; сол жигиттен басқа ҳәмме телефон тинтип отырмыз.

- Сиз программистсиз бе? - деп сорайман оннан.

- Яқ. "айтишникпен", - деп бийпәрўа жуўап береди ол.

- Ҳаў? Бул не дегени?

- Программист емеспен. Бирақ усы тараўда ислеймен.

- "Айтишник" болсаңыз, мәмлекетлик хызметлер, банк жумысларының ҳәммесин интернет арқалы ислей аласыз. Неге бул жерде нәўбет күтип отырсыз?

- Валюта сатып алыўға келдим. Буның ушын банкке келиў шәрт. Бирақ сиз, қолыңыздағы қағазға қарағанда, кредит төлеўге келгенсиз. Сиз келиўиңиз шәрт емес еди. Үйде ямаса жумыста отырып телефон арқалы төлеўиңиз мүмкин еди.

Кредит емес, бөлип төлеў.

- Оны да телефон арқалы төлеўге болады. Есап бети бар болса болды.

Өзин Сардор деп таныстырған жигит маған мәмлекетлик хызметлерден электрон пайдаланыў менен қанша ўақыт ҳәм пулды үнемлеў мүмкин екенлигин де әпиўайы түрде түсиндирип берди:

- my.gov.uz платформасы арқалы жүдә көп мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў мүмкин. Бирақ көпшилигимиз елеге шекем бул платформадан пайдаланыўды билмеймиз. Адамлар қаншадан-қанша ақшасын ҳәм ярым күн-бир күнлеп ўақтын жумсап, мәмлекетлик хызметлер орайы ямаса шөлкемлердиң есиги алдында гезекте турады.

- Адамлар IT дан емес, бийтаныс нәрседен қорықпай ма екен? Яғный "мен надурыс ислеп атырман", "қәте қылып қойыўым мүмкин", "мен буны түсинбеймен" деген пикирлер себепли оннан пайдаланбаса керек?

Жигит наразы түрде бир қарап қойып, гәпин даўам етеди:

- Бул да дурыс. Адамларға мағлыўматты надурыс киргизсе, машқала пайда болатуғын ямаса жәрийма қолланылатуғындай ямаса қағаз түриндеги ҳүжжетти қолға алмаса, ол ҳақыйқый емес сыяқлы көринеди. Әтирапындағылар пайдаланбаса, ол да тынышлықта пайдаланбай қояды. Ең аңсаты барып жәрдем сораў яки кимдур сол жумысыңызды ислеп бериўи болады. Қаран, my.gov.uz дан пайдаланыў Telegram ямаса Facebookтан пайдаланыўдан қыйын емес. Қолыңызда смартфон ҳәм интернет болса, мәмлекетлик уйымға бара бериўиңиз де шәрт емес. Буны бир мәрте үйренсеңиз, кейин 10 мәрте ўақтыңыз үнемленеди.

- Мүмкин my.gov.uzды да Telegram ямаса Facebook сыяқлы етип әпиўайыластырыў керек шығар? Платформаның көриниси қурамалы, дизимнен өтиў, функцияларды түсиниў бойынша қыйыншылықлар бар ма?

- Мен анық бул бағдарда ислемеймен. Бирақ сиз айтқан ислерди де ислеўге болады. Адамлар my.gov.uzға кирип, излеп отырмастан, Telegram ямаса сол сыяқлы қолайлы мобил қосымшада жумысты тез орынлай алса, көп мағлыўмат талап етпейтуғын автоматластырылған система жаратылса, бул жүдә жақсы болады. Программистлер бул тәрепти де ойлап атырғаны анық.

Соның менен гүрриңимиз тамам болды. Сардордың айтқанлары көпшилигимиз билетуғын, бирақ итибар бермеген гәплер.

Енди болса теманың көлеми кеңейе баслайды.

Профессионал IT қәнигелери жақсы дәрамат табатуғыны белгили. Бирақ басланғыш қәнигелер, тараўды жаңа үйренип атырғанлар қашан дәраматқа шыға баслайды?

Қайси бағдарда қанша ўақытта пул ислей баслаў мүмкин?

Япония қалай етип үлкен технологиялық мәмлекетке айланды?

Ҳиндистан қанша ўақытта IT конвейери бола алды?

Бул тәжирийбелер биз ушын жүдә әҳмийетли ҳәм актуал. Бирақ булар өз алдына тоқтап өтиў, өз алдына талқылаў зәрүр болған темалар.

Дадахон МУҲАММАДИЕВ,

журналист