Бул ҳаққында республика сыртқы ислер министри Михай Попшой мәлим етти. Оның анықлаўынша, ҳүжжетлер парламенттиң жаңа сессиясы басланыўында көрип шығылады, деп жазбақта жергиликли ғалаба хабар қураллары.

"Биз ҳәзирги ўақытта ҒМДА менен үш келисимди бийкарлаў бойынша келисиў процесинде турмыз. Бул жерде сөз бизиң ҒМДАға ағзалығымыз тийкарындағы келисимлер ҳаққында бармақта, яғный: 1993-жыл 22-январьда Минскте қол қойылған ҒМДА Уставы; 1991-жыл 8-декабрьдеги ҒМДАны дүзиў ҳаққындағы келисим, Минск қаласында; 1991-жыл 22-декабрьдеги бул келисимге қосымша", - деди Михай Попшай.

Бул қарар Молдова ушын нени аңлатады, деген сораўға жуўапкер рәсмий түрде республика буннан былай ҒМДА ағзасы болмайтуғынын айтты, деп жазады kaktus.media.

"Мәмлекетимиз ағзалығына тийкар болған бул үш тийкарғы келисимниң бийкар етилиўи Молдова Республикасы ҳуқықый жақтан буннан былай ҒМДА ағзасы емес екенин мәлим етиў имканиятын береди. Биз де-факто бир қанша ўақыт бурын қатнасыўымызды тоқтатқан едик, бирақ юридикалық жақтан еле сол жерде едик", деп қосымша етти министр.