Өзбекстан жаслары оқыў орайларын ашыў ушын 130 млн сумға шекем процентсиз кредит ала алады

    Бизнес 14 қыркүйек 2025 1349

    Жаслар исбилерменлигин раўажландырыў қоры жасларды қоллап-қуўатлаў, жадидлердиң ағартыўшылық мийрасын даўам еттириўге қаратылған «Ko‘mak» жойбарын баслады.

    Жаслар ислери агентлиги баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, жойбар шет тиллери бойынша С1 дәрежесиндеги миллий сертификат ямаса оған теңлестирилген халықаралық сертификатқа (көби менен еки жыл алдын алынған) ийе болған жасларға мөлшерленген.

    Шет тиллерин оқытыўға қәнигелестирилген оқыў орайларын ашыўды режелестирип атырған алыс ҳәм аўыллық жерлердеги жасларға айрықша итибар қаратылмақта.

    Жойбар шеңберинде 3 жыл мүддетке 130 млн сумға шекем процентсиз кредит берилип, оның дәслепки 6 айында жеңиллетилген дәўир нәзерде тутылмақта.

    Бағдарламада қатнасыў ушын силтеме арқалы онлайн сораўнама толтырыў керек.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates