Ҳүжжет AI инфраструктурасын беккемлеў, әмелий шешимлерди ислеп шығыў ҳәм енгизиў, сондай-ақ, биргеликтеги технологиялық басламаларды әмелге асырыў ушын экспертизаны бирлестириўди нәзерде тутады.
Бирге ислесиў шеңберинде әмелий тәжирийбе алмасыў, изертлеў бағдарларын раўажландырыў ҳәм турақлы бирге ислесиў механизмлерин қәлиплестириў режелестирилген.
Болажақ қәнигелерди таярлаў ҳәм жасалма интеллект бойынша компетенцияларды раўажландырыўға айрықша итибар қаратылады. Шериклик AI-шешимлерди кең көлемде қолланыў ушын шараятлар жаратыў ҳәм тәреплердиң технологиялық потенциалын беккемлеўге қаратылған.