Бул - адамзат тарийхындағы ең қорқынышлы урыс, жаўыз күшлерге қарсы өз өмирин тиккен миллионлаған ўатанласларымыздың естелиги ҳүрмет пенен есленетуғын, өткенлер есленетуғын, абадан күнлеримизге шүкирлик айтылатуғын күн.
Бул күнде Екинши жер жүзилик урыстан алдын ҳәм кейинги тарийхымызда Ўатанымыздың тынышлығы ҳәм раўажланыўы ушын жанын пидә еткен барлық ата-бабаларымыз есленеди. Тири болғанларына болса ҳүрмет-иззет көрсетиледи, қоллап-қуўатлаў илажлары көриледи.
Президентимиз 9-май - Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен Жеңис паркинде жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасыўындағы ушырасыўда билдирген пикирлери арқалы және бир мәрте бабаларымыздың мәртлигин тек ғана еске алмады, ал ҳәр биримиздиң қәлбимизде сол естеликти, сол пидайылық руўхын және бир мәрте оятты.
"Ең үлкен мақсетимиз - мийнеткеш, мәрт ҳәм уллы мәртебели халқымызды разы етиўден ибарат", деп атап өтти мәмлекетимиз басшысы. Бул пикирдиң негизинде пүткил бир сиясат, пүткил бир халықшыллық философиясы жәмленген. Себеби халықтың разылығы тек ғана материаллық абаданлық емес, бул, бәринен бурын, тарийхты аңлаў, ата-бабаларымыздың пидәкерлик мәртлигин қәдирлеў, олардың руўхы алдында бәрқулла қарыздарлық сезими менен жасаў болып есапланады.
Президентимиздиң атап өткениндей, урыс жылларында Өзбекстан халқының дерлик үштен бир бөлеги - 2 миллионға шамаласы фронтқа жиберилген. Олардың 600 мыңы қайтыс болған, 200 мыңы бийдәрек кеткен, мыңлаған шаңарақлардың жүрегинде питпес жаралар қалған. Бүгин бул санлар әпиўайы статистика емес, бул ҳәр бир шаңарақ, ҳәр бир мәҳәлле, ҳәр бир жүректеги сөз.
"Себеби саўаш майданларында аяўсыз душпанға қарсы күни-түни мәртлерше гүрескен қаҳарман ата-бабаларымызды қаншелли көп улығласақ, бүгинги азат ҳәм абадан турмысымызды сонша қәдирлеген боламыз". Бул пикир - жаслар ушын айрықша сабақ. Себеби бүгин абаданлықта өсип киятырған әўлад урыстың не екенин тек китаплардан биледи. Солай екен, бундай тарийхый шығып сөйлеўлер, естеликлер, музейлер әўладлар арасындағы көпир есапланады.
Пайтахтымыздағы Жеңис паркинде қурылған жаңа бир естелик - "Миллет пидайылары" естелиги де әйне усы идея - әўладлар естелигине байланыстырыў, пидайылықты мәңги сақлаўға хызмет етеди. Ол ўатанды қорғаўда жан бергенлердиң ҳүрметине жазылған мәңгилик алғыс.
196 әскер ҳәм ҳуқық қорғаўшы пидайылардың аты алтын ҳәриплерде жазылған бул монумент алдында турып, инсан ерксиз таң қалады. Олардың ҳәр бири - өмириниң ең гөззал мәўсиминде ғәрезсизлигимиз, халқымыздың тынышлығына реал қәўип туўылған ўақытта бир минут та ойланып отырмастан, жанажан Ўатанымызды қорғаў жолында көксин қалқан еткен ҳәм тилекке қарсы, қайтыс болған. Мәмлекетимиз басшысының сөзи менен айтқанда, бул пидайы әскерлер усы тәризде бүгинги жаңа Өзбекстан ушын беккем тийкар жаратып кетти. Соның ушын, олардың естелиги, руўхы пәклери алдында бәрқулла қарыздармыз.
"Жасалма интеллект жәрдеминде марҳум жаўынгер қаҳарманларымыз тап тири адамдай сөйлейди". Көз алдыңызға келтириң, перзент әкесиниң жасалма интеллект арқалы жанландырылған тымсалында "Мен сени жақсы көремен, балам" деген сөзди еситеди. Бул тарийх емес, бул - тири естелик.
Ҳәр қандай мәмлекет, миллеттиң мине усындай мәрт, батыр, шаңарағы, жақынлары, ўатанының тынышлығы ушын ҳақыйқый қәўип, керек болса, өлимге тик бара алатуғын мәрт, ўатансүйгиш перзентлери бар екен, ол мәмлекеттиң ғәрезсизлиги мәңги, тынышлығы мәңги, миллеттиң бүгини ҳәм келешеги абадан, уллы болып есапланады.
Усы мәнисте, ғәрезсизлик жылларында елимиздиң гөззал Сариосиё районы, Ташкент ҳәм Әндижан ўәлаятларында жүз берген қорқынышлы терроршылық ҳәрекетлерине қарсы гүресиўде теңсиз мәртлик көрсетип, жанын пидә еткен қаҳарманларымыздың атын мәңгилестириў ҳәммемиз ушын ҳәм қарыз, ҳәм парыз болып есапланады.
Мәмлекетимиз басшысы шақырғанындай, қаҳарман жаўынгерлердиң шаңарақлары ҳаққында бәрқулла ғамхорлық етиўимиз, олардың мәртлигин көбирек үгит-нәсиятлаўымыз керек.
Бир сөз бенен айтқанда, тарийх - бул турмыс мектеби. Ондағы ҳәр бир бет, ҳәр бир сабақ инсаният ушын бийбаҳа тәжирийбе дәреги. Пидайы ҳәм мәрт ата-бабаларымыздың мәртлик турмыс жолы болса биз ушын ҳақыйқый ибрат мектеби болып есапланады. Соның ушын олардың атын мәңгилестириў, естелигине терең ҳүрмет көрсетиў тек ғана инсаныйлық пазыйлетлери емес, ал мәмлекетимиз сиясатының тийкарғы бағдарларынан бири болып есапланады.
Шуҳрат СИРОЖИДДИНОВ,
академик