Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң 113-статьясына муўапық, хызметкер ҳәм жумыс бериўши арасындағы келисимге бола мүддетли мийнет шәртнамасы төмендеги шахслар менен дүзилиўи мүмкин.
микрофирмалар ямаса жеке тәртиптеги исбилерменлер болған жумыс бериўшилерге жумысқа кирип атырған шахслар менен;
физикалық шахслар болған жумыс бериўшилерге жеке хызмет көрсетиў ҳәм үй хожалығын жүргизиў бойынша жәрдемлесиў мақсетинде жумысқа кирип атырған шахслар (үй жумысшылары) менен;
шөлистандағы, бәлент таўлы, халқы аз районларда жайласқан шөлкемлерге жумысқа кирип атырған шахслар менен, егер бул жумыс орнына көшиў менен байланыслы болса. Бундай районлардың дизими Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен Социаллық-мийнет мәселелери бойынша республикалық үш тәреплеме комиссия менен келисилген ҳалда белгиленеди;
апатшылықлар, авариялар, бахытсыз ҳәдийселер, эпидемиялар, эпизоотиялардың алдын алыў бойынша кешиктирип болмайтуғын жумысларды әмелге асырыў, сондай-ақ усы ҳәм басқа айрықша жағдайлардың ақыбетлерин сапластырыў ушын;
мәдений-тамаша шөлкемлериниң, телевидение, радиоеситтириў шөлкемлериниң ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларының дөретиўшилик хызметкерлери, профессионал спортшылар, сондай-ақ, шығармаларды жаратыўда ҳәм (ямаса) атқарыўда (көрсетиўде) қатнасыўшы басқа да шахслар менен, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен Социаллық-мийнет мәселелери бойынша республикалық үш тәреплеме комиссия менен келисилген ҳалда жумыслардың, кәсиплердиң, лаўазымлардың тастыйықланатуғын дизимлерине муўапық;
егер нызамда басқаша қағыйда нәзерде тутылмаған болса, өз шөлкемлестириў-ҳуқықый ҳәм меншик түрлеринен ғәрезсиз шөлкемлердиң басшылары, басшы орынбасарлары ҳәм бас бухгалтерлери, сондай-ақ олар өз алдына бөлимшелердиң басшылары менен;
күндизги билимлендириў түри бойынша билим алып атырған шахслар менен;
орынбасарлық тийкарында жумысқа кирип атырған шахслар менен дүзилиўи мүмкин.