Көргизбеде Өзбекстан, Түркменстан, Россия, Германия, АҚШ, Түркия, Қытай ҳәм басқа да мәмлекетлердиң 180 нен аслам компаниясы өз өнимлерин усынды.
Көргизбеде Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Фармацевтика санаатын раўажландырыў агентлиги қәўендерлигинде мәмлекетимиздиң 14 фармацевтика кәрханасы белсене қатнасты. «Made in Uzbekistan» бренди астында халықаралық стандартларға жуўап беретуғын дәри-дәрмақлар, медициналық үскенелер, балалар азық-аўқаты ҳәм басқа да өнимлер көрсетилди.
Көргизбеге келген Түркменстан ҳүкиметиниң ағзалары, медицина ҳәм фармацевтика тараўының басшылары Өзбекстанның стендиндеги өнимлердиң түрлилиги, сапасы ҳәм заманагөйлигин жоқары баҳалады.
Көргизбе шеңберинде өткерилген ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер нәтийжесинде Өзбекстан кәрханалары тәрепинен Түркменстанға медициналық ҳәм фармацевтика өнимлерин экспорт етиў бойынша бир қатар шәртнамалар дүзилди.








