Атап өтилиўинше, 2025-жылдың ноябрь-декабрь айларында метан газ бойынша ўақтынша шеклеўлерден пайдаланған ҳалда суйылтырылған газ баҳасын тийкарсыз арттырыў жағдайларына жол қоймаў мақсетинде комитет тәрепинен базар қатнасыўшыларына профилактикалық ескертиўлер жиберилген.

Соның менен бирге, айырым хожалық жүргизиўши субъектлер тәрепинен әдил базар принциплерине қайшы түрде баҳаны тийкарсыз арттырыўға қаратылған манипуляциялар ҳәм өз-ара муўапықласқан ҳәрекетлердиң белгилери анықланған.

Бул жағдайлар бойынша комитет тәрепинен нызам бузылыў белгилери бойынша белгиленген тәртипте ис қозғатыў тәртиби басланған.

Сондай-ақ, биржа саўдаларында баҳаларды турақластырыў мақсетинде "дүзетиўши" илажлар көрилмекте. Атап айтқанда, базар қатнасыўшыларына өнимлерди биржа саўдаларына толық ҳәм үзликсиз шығарыў бойынша тийисли көрсетпелер берилди.