Киберқәўипсизлик орайы рәсмий мүнәсибет билдирип, ҳәзирги ўақытта бул жағдай бойынша сорастырыў жумыслары алып барылып атырғанын мәлим етти. Оның жуўмағы бойынша қосымша мағлыўмат бериледи.

Орай қәнигелери пуқараларды интернетте жеке мағлыўматлардың қәўипсизлигин тәмийинлеў мәселелеринде сергекликти арттырыўға шақырмақта.

Мағлыўматларды қорғаў ушын усыныс етиледи:

Жеке мағлыўматларды үшинши шахсларға бермеў;

Мәмлекетлик ҳәм басқа электрон системаларга кириўде қурамалы логин ҳәм пароллардан пайдаланыў;

Сизиң мағлыўматларыңызды гүманлы силтемелер арқалы киргизбеў ҳәм фишинг хабарларынан абайлы болыў.

Атап өтиў керек, жеке мағлыўматларды қорғаў тек ғана техникалық системаларға емес, ал пайдаланыўшылардың киберқәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиўине де байланыслы. Тергеў нәтийжелери бойынша толық мағлыўмат рәсмий түрде жәрияланады.