3-октябрь күни Өзбекстан Миллий олимпиада комитетинде жарыслардың жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери және олардың тренерлерин сыйлықлаў мәресими болып өтти. Оларға мәмлекетимиз тәрепинен белгиленген бир мәртелик ақшалай сыйлықлар тапсырылды.
Илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң спорт мәселелери бойынша ўәкили Одил Абдураҳмонов, Спорт министрлиги ҳәм МОҚ басшылары, ойынлардың жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болған спортшылар, олардың жақынлары қатнасты.
Жуўапкерлер спортшыларды жоқары нәтийжелер менен қутлықлап, оларға халықаралық майданларда табыслар тиледи.
Салтанатлы илаж шеңберинде Миллий олимпиада комитетиниң имаратына гезектеги жас өспиримлер Азия ойынларының мезбаны сыпатында Өзбекстанға тапсырылған Азия Олимпиада кеңесиниң байрағы орнатылды.