Атап айтқанда, өзгерислер ҳәм қосымшалар төмендегилерди нәзерде тутады:
объектлердиң қәўиплилик категориясынан келип шығып, объектлерге рухсатнама бериў ҳәм жойбар ҳүжжетлерин келисиў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетилгени ушын төлем муғдарларын анық белгилеў;
жер дүзиў бойынша министрликлер ҳәм уйымлардың мағлыўматлар базасын интеграциялаў арқалы бар машқалаларды сапластырыў;
аймақлық архитектура-қала қурылысы кеңеслериниң қурамына тийисли уйымлар ҳәм шөлкемлерди киргизиў арқалы айырым категориядағы объектлер жойбарларының архитектуралық бөлегин келисиў;
қала қурылысы нормалары ҳәм қағыйдалары менен тәртипке салыныўы мүмкин болмаған (жойбарластырылмаған) объектлердиң жойбарлары ушын ислеп шығылған арнаўлы техникалық шәртлерди техникалық кеңес тәрепинен көрип шығыў тәртибин белгилеў;
қурылыс-монтажлаў жумыслары жуўмақланғаннан кейин объектлерди пайдаланыўға қабыл етиў тәртибин жетилистириў.
2026-жыл 1-январьдан баслап:
турақ жай комплекслерин қурыўда объекттиң атамасы барлық қағыйдалар ҳәм талапларға әмел етилген ҳалда мәмлекетлик тилде болыўы керек;
қурылыс паспортындағы, жойбар режесиндеги, ўақтыншалық тосықлардағы ҳәм қурылыс майданлары әтирапындағы тосықлардағы барлық жазыўлар, соның ишинде, реклама ҳәм жәриялаў текстлери мәмлекетлик тилде жазылған болыўы керек;
объектлерде қурылыс-монтажлаў жумысларын баслаўға руқсатнама алыўда ҳәм олардан пайдаланыўға руқсатнама бериўде қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы тараўында қадағалаў инспекциясының аймақлық уйымларына авторлық, техникалық ҳәм ишки хожалық қадағалаўын әмелге асырыўға байланыслы ҳүжжетлер усынылады.
Өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди:
Министрлер Кабинетиниң 17.09.2021-жылдағы "Қала қурылысы ҳүжжетлерин экспертизадан өткериў тәртип-қағыйдаларын жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы 579-санлы қарары;
Министрлер Кабинетиниң 21.02.2022-жылдағы "Айырым жумыс түрлерин арнаўлы электрон система арқалы лицензиялаў тәртиби ҳаққындағы бирден-бир режени тастыйықлаў ҳаққында"ғы 80-санлы қарары ҳәм басқа да бир қатар ҳүжжетлер.
Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 24.10.2025-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».









