Абонентлер Өзбекстан Республикасы Президентиниң Виртуал қабыллаўханасының исеним телефонларына күни-түни ҳәм бийпул қоңыраў етиўи мүмкин екенлиги белгиленди.

Мобил байланыс тармақларында абонент номерлерин көшириў хызмет көрсетиў пунктлеринде 20 минут ишинде әмелге асырылады (алдын 8 жумыс саатында).

Мобил байланыс абонентлери ушын төлемли қосымша хызметлерге жазылыў бойынша контент хызметлерин көрсетиўдиң жаңа тәртиби белгиленди, оған муўапық:

хызметлерди жеделлестириў операторлардың мобил қосымшалары ямаса USSD -кодлары арқалы әмелге асырылады;

абонентлердиң разылығы тастыйықланбаған ҳалда хызметлерди автомат түрде жалғаў ямаса дәслеп бийпул болған хызметлерди төлемли хызметлер қатарына өткериўге жол қойылмайды;

контент провайдерлер тәрепинен абонентлерге көрсетилип атырған барлық төлемли хызметлер дәслеп актив емес жағдайда болыўы керек.

Бул ҳүжжет рәсмий жәрияланған күннен баслап 3 ай өткеннен соң күшке киреди.