Бул ийгиликли баслама шеңберинде район орайындағы мәкеме ҳәм шөлкемлердиң басшылары менен хызметкерлери аймаққа келип, мәҳәллени және де абат, көркем ҳәм пайызлы орынға айландырыў ушын жумыс алып бармақта.

Аймақты абаданластырыў, тазалықты тәмийинлеў, халық ушын және де қолайлы ҳәм ықшам орталық жаратыўға қаратылған ҳәрекетлер өз-ара аўызбиршилик, мийрим-шәпәәт ҳәм жоқары пуқаралық жуўапкершиликтиң айқын үлгиси болып есапланады.

Әлбетте, абат мәҳәлледе абадан турмыс, аўызбиршилик болса раўажланыў болады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.