Дүньяның көплеген раўажланған мәмлекетлери пиллешилик тараўын буннан былай да раўажландырып, тут жипек қуртынан тәбийғый ҳәм сапалы шийки зат алыўға умтылып атырғаны соннан. Енди пиллешилик тек ғана тоқымашылық санаатын шийки зат пенен тәмийинлейтуғын тармақ емес, ал кийим-кеншек ислеп шығарыў ҳәм экономикалық нәтийжелиликти арттырыўдың әҳмийетли бағдарына айланбақта.

Пилле, бәринен бурын, жипек гезлемелер тоқыўда тийкарғы шийки зат. Жипек қурты азықланганнан кейин, өзинен суйық жипек талшығын шығарып, пилле орайды. Әне усы пилле талшығынан гезлемелер тоқылып, олардан түрли өнимлер таярланады. Бул гезлеме алыўдың ең тәбийий усылы болып, оған жасалма талшықлар қосылмайды. Сапалы гезлемени басқа гезлемелер арасынан аңсат ажыратып алыў мүмкин - тәбийғый жипек беккемлиги, созылыўы, шыдамлылығы, жеңил ҳәм нәзиклиги, ҳаўа өткизиўшеңлиги менен ажыралып турады. Соның ушын әзелден жипек гезлемелер қәдирленип, баҳасы жоқары баҳаланған.

Бирақ бул жипек шийки затының бирден-бир абзаллығы емес. Жипектен халық хожалығының түрли тараўлары, соның ишинде, медицина, космонавтика, авиация, фармацевтика, парфюмерия, автомобиль қурылысы, гилемшилик ҳәм жеңил санаатта кеңнен пайдаланылады. Көплеген мәмлекетлер жипек қуртының тек ғана пиллеси емес, ал личинкасы, қуўыршағы ҳәм гүбелегинен усы тараўларда зәрүр болатуғын ҳәр қыйлы санаат өнимлерин ислеп шығарады. Яғный бүгин пилле шийки заты санааттың көплеген тараўларында нәтийжели қолланылмақта.

Өзбекстан пилле шийки затын жетистириў бойынша дүньяда Қытай ҳәм Ҳиндстаннан кейин үшинши орынды ийелейди. Әзелден бул тармақ елимиз аўыл хожалығының жетекши бағдарларынан бири болып, халықты жумыс ҳәм дәрамат пенен тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе. Бирақ жыллар даўамында ески усылда ислеў себепли халықтың бул жумыстан мәпдарлығы жоқары болмаған.

Кейинги жылларға келип елимизде пиллешилик тармағы да, шаңарақларда жипек қуртын бағып, пилле жетистириў де түп-тийкарынан өзгерип, илим ҳәм заманагөй технологиялар тийкарында шөлкемлестирилмекте. Заманагөй ҳәм көшпели қуртханалар пайда болды, жипек қуртын тәрбиялаўда жаңаша технологиялар қолланылмақта. Бул пиллешиликте де дәраматты бир неше есеге арттырмақта. Бүгин усы бағдарда исбилерменге айланған ўатанласларымыз көп.

Тараўдағы машқалаларға да избе-из шешимлер берилмекте. Мәселен, пиллешиликте тийкарғы мәселелерден бири от-жем базасы болып есапланады. Сонлықтан, мәмлекетимиз басшысының тапсырмасы менен тут жипек қуртының азықлық базасын 2026-2030-жылларда басқышпа-басқыш көбейтиў белгиленген. Соның ишинде, 8 мың гектарда жаңа арнаўлы азықлық бериўши тут атызларын жаратыў, 41,5 мың гектар майданда бир қатар тут нәллерин егиў, 15 мың гектардағы тут атызларын реконструкциялаў нәзерде тутылған. Буның нәтийжесинде 2030-жылға шекем 200 миллион тут нәли егилиўи ҳәм азықлық базасы 30 процентке артыўы күтилмекте.

Пилле жетистириў көлемлери, жыллық өнимдарлық ҳәм зүрәәтлилик те азықлық базасын таллаў тийкарында алдыннан болжанады. Атап айтқанда, 2026-жылы 30 мың тонна, 2030-жылға барып 36 мың тонна санаат пиллеси жетистириў режелестирилмекте. Бул усы тараў арқалы мыңлаған адамлардың бәнтлиги тәмийинленип, санаат тармақлары ушын жергиликли шийки зат базасы жаратылады, дегени.

Сегиз мың гектарда жаңа тут атызлары жаратылады

Дереклерде пиллешиликтиң ўатаны қубла-шығис Азия екени көрсетиледи. Эрамыздан дерлик үш мың жыл алдын Қытайда жипек таярланған. Жипекшилик Орта Азияға IV әсирде кирип келген. Бирақ кейинги жыллардағы мағлыўматларға қарағанда, Маўараўннахрда жүдә әййемнен жипек жетистириў менен шуғылланған. Бул бойынша Өзбекстан Илимлер академиясы Антропология институтының илимпазлары ҳәм халықаралық изертлеўшилер тәрепинен өткерилген заманагөй микроморфологиялық ҳәм протеомикалық тексериўлер және таллаўларға бола Сурхандәрья ўәлаятындағы “Сополлитепа” естелигинен табылған үш пилле бөлеги табылмаларының үй қуртына тийисли екенлиги толық тастыйықланды.

Шығыс халықлары әзелден сапалы ҳәм рәңбәрең шайы гезлемелери менен даңққа ерискен. Әсиресе, Самарқанд, Шаҳрисабз, Бухара, Түркстан қалалары ҳәм Ферғана ойпатлығында пиллешилик, жипекшилик, шайы гезлемелер тоқыў өнери раўажланып, кийим-кеншек ушын жипекке зер ҳәм гүмис жиплер араластырылып тоқылған. Гезлемелер ҳәм олардан тигилген кийимлер Уллы жипек жолы арқалы Европа мәмлекетлерине тарқалған. Зерлеп тигиў, кестешилик деп аталатуғын бундай өнер түрлери ҳәзир де елимиздиң түрли аймақларында әўладтан-әўладқа өтип келмекте.

Жипек гезлемесиниң қаншелли жумсақ ҳәм беккем болыўы пилле шийки затының сапасына байланыслы. Тәбиятта жипек қуртының бир неше түринен жипек алынады. Мысалы, үйлестирилген тут жипек қурты тек тут тереги жапырағы менен азықланады ҳәм узынлығы 1000 - 1500 метрге шекем жиңишке талшықтан ибарат пилле орайды. Алынған жипек талшықлардан болса шайы гезлемелер таярланады.

Бул технология неше әсирлерден берли бар. Яғный пиллениң қурты бағылады ҳәм оннан жипек талшық алынады. Буны үй ямаса санаат шараятында әмелге асырыў мүмкин. Елимизде пилле, тийкарынан, халықтың шаңарақларында бағылады. Себеби елимизде жипекшилик ҳәм пиллешилик халықты дәраматлы жумыс пенен тәмийинлеў, аўыллық жерлерде бәнтликти арттырыў ҳәм экспорт потенциалын кеңейтиўде әҳмийетли орын ийелейди.

Бирақ жыллар даўамында бул бағдарға тек усы тәрептен қараған. Бул ўақытта азықлық базасынан баслап пиллени терең қайта ислеўге шекемги барлық процесслерде топланып қалған машқалалар болса тараў потенциалын толық иске қосыўға тосқынлық етип атырған еди. Усы жылдың 17-февраль күни мәмлекетимиз басшысы пиллешилик тараўын раўажландырыў илажлары бойынша презентация менен танысып, бул бағдардағы машқалаларды сапластырыў бойынша анық ўазыйпаларды белгилеп берди. Тийкарғы мәселе болса тараўда от-жем базасын беккемлеў, жергиликли туқымгершиликти кеңейтиў, санаат усылын енгизиў ҳәм таяр өним үлесин арттырыўға қаратылған.

Усы тийкарда быйылғы жылдан пиллешиликте жумыс системасы да, алынған шеклер де пүткиллей өзгерип, тийкарғы итибар сапалы, жәҳән стандартларының талапларына сай пилле жетистириў, бул жумыс пенен шуғылланатуғын халықтың дәраматлары ҳәм экономикалық нәтийжелиликти және де арттырыўға қаратылмақта. Оның ушын заманагөй технологиялар ҳәм илимий жойбарлар жедел тартылмақта.

Тараўдағы жумыслар жаңа системаға өтип, "Өзбекжипексанаат" ассоциациясы, ўәлаятлық ҳәм районлық "Агропилле" структуралары, пиллешилик кластерлери өз-ара муўапықласқан түрде жумыс алып барып, жаңа тут атызларын шөлкемлестириўден баслап, жетистирилген пиллени сатып алыўға шекемги барлық басқышларда фермерлер, жумысты үйге алып ислеўшилер ҳәм қурт бағыўшылардың жумысын шөлкемлестирмекте, оларға жәрдем бермекте. Кем дәраматлы, социаллық реестрге киргизилген шаңарақларды пиллешиликке тартыў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта. Соның ишинде, усы жылдан баслап "мәҳәлле жетилиги" арқалы халыққа 1 килограмм пилле баҳасының 35 проценти муғдарында субсидия, тәрбиялаў үскенелерин сатып алыўға 20 миллион сумға шекем ссуда ажыратыў жолға қойылды.

Жергиликли туқымнан пайдаланыў дәрежесин 2030-жылға шекем 75 процентке жеткериў мақсетинде нәсилли туқымгершилик станцияларының жумысы тикленеди. Ферғана ҳәм Хорезм ўәлаятларындағы нәсилли туқымгершилик станцияларында элита туқымлар таярлаў, Бухара ҳәм Наманганда жаңа туқымгершилик кәрханаларын шөлкемлестириў, 2027-2029-жылларда Ташкент, Жиззақ, Самарқанд ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларында 4 жаңа кәрхана қурыў нәзерде тутылған.

Енди тек ғана пилле жетистириў емес, ал тараўда қосымша қун жаратыў ҳәм экспортты арттырыўға да итибар күшейген. Жаңа базарларды өзлестириў, миллий брендлерди қәлиплестириў ҳәм қоллап-қуўатлаў, экспортта таяр өним үлесин арттырыў сыяқлы илажлар усылардың қатарына киреди.

Абырайлы халықаралық көргизбелер ямаса дүньяға белгили көркем өнер ўәкиллери үстинде өзимиздиң атлас, адрас сыяқлы жипек гезлемелеримизден тигилген липасларды көрсек, дәрҳал мақтанамыз. Кейинги жыллары бул әдеттеги жағдайға айланып кетти. Себеби өнимлеримиз әллеқашан дүнья базарына кирип барды. Халықаралық майданда миллий брендлеримиздиң атын беккемлеў ушын болса сапалы өнимлерди көбейтиўимиз керек.

Есап-санақларға бола, елимизде жергиликли пилледен жоқары сапалы шийки жипек алыў ҳәм оны терең қайта ислеўди кеңейтиў есабынан экспорт түсимлерин 250 миллион долларға шекем арттырыў мүмкин. Соның ишинде, 2030-жылға шекем улыўма баҳасы 200 миллион долларлық 21 инвестициялық жойбарды әмелге асырыў шийки жипекти қайта ислеў көлемин 3 мың тонна ҳәм дәрежесин 75 процентке жеткерип, 18,5 миллион погон метр жипек гезлеме ислеп шығарыў имканиятын береди.

Яғный пиллени санаат усылында жетистириў де тийкарғы ўазыйпаға айланған. Дүньяның көплеген мәмлекетлеринде пиллешилик әллеқашан санаатласқан болып, экономикалық нәтийжелилиги бир қанша жоқары. Мәмлекетимиз басшысының усы жыл март айындағы тийисли қарары менен пиллени санаат усылында жетистириў көлемин арттырыў мақсетинде 2026-2028-жылларда пиллешилик кластерлери тәрепинен қуртханалардың қурылыўы белгиленгени оған кең жол ашады.

Илимий қатнас не береди?

Тараўда белгиленген ўазыйпалар өз-өзинен әмелге аспайды. Олар күтилген нәтийжени бериўи ушын илимий үйрениў ҳәм қатнаслар зәрүр. Раўажланыў стратегиясында мәмлекетимиз аўыл хожалығын илимий тийкарда интенсив раўажландырыў арқалы дийқан ҳәм фермерлердиң дәраматын 2 есеге арттырыў, тараўда жыллық өсиўди 5 процентке жеткериў сыяқлы анық ўазыйпалар белгиленген. Пиллешилик те аўыл хожалығының бир тармағы болған ҳалда илим ҳәм әмелият интеграциясын тереңлестириўге итибар қаратылмақта.

Илимий ҳәм инновациялық жойбарлар, жаңа илимий орайлардың шөлкемлестирилиўи солардың бир бөлеги. Бул бағдарда абырайлы халықаралық компаниялар, жоқары билимлендириў мәкемелери менен биргеликте исленбекте. Атап айтқанда, раўажланған мәмлекетлердиң илимий мәкемелеринде тут жипек қуртларын киши ҳәм үлкен жасларында арнаўлы комплексли қуртханаларда бағыўдың жаңа интенсив технологиялары менен методикаларын ислеп шығып, илимий тийкарлаў бағдарындағы ҳәрекетлеримиз даўам етпекте.

Бүгин елимиз пиллешилик тараўында жоқары мағлыўматлы кадрларға талап бар ҳәм оны ўәлаятлар кесиминде үйренип, кадрлар таярлаў және олардың маманлығын арттырып барыў алдымыздағы ўазыйпалардан бири. Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 11-апрельдеги тийисли қарарында аграр тараў ушын жоқары маманлықтағы ҳәм бәсекиге шыдамлы қәнигелер таярлаў бойынша бир қатар ўазыйпалар белгиленген. Усы тийкарда 2025-2026-оқыў жылынан баслап пиллешилик бағдарында күндизги, кешки ҳәм аралықтан билимлендириў түрлери ашылып, алдынғы өндирис кәрханаларында дуал билимлендириўди шөлкемлестириў нәзерде тутылған.

Ташкент мәмлекетлик аграр университетинде усы бағдарда нәтийжели жумыслар жолға қойылған. Атап айтқанда, пиллешилик ҳәм тутшылық билимлендириў бағдары бойынша үш жыллық билимлендириў бағдарламалары тийкарында мәмлекетлик билимлендириў бағдарламалары, маманлық талаплары, оқыў режелери, оқыў пәнлериниң бағдарламалары ислеп шығылды. Буннан тысқары, HEMIS платформа системасы иске қосылып, жойбарлаў офислери шөлкемлестирилди. Қытай, Япония, Ҳиндстан, Въетнам, Қубла Корея, Италия сыяқлы мәмлекетлердиң алдынғы тәжирийбелери үйренилип, оқыў процеси ҳәм биргеликтеги билимлендириўге енгизилмекте.

Илимий қатнас ҳәм инновациялық технологиялар пилле зүрәәтлилигин арттырыўға хызмет етпекте. Тийкарғысы, адамлардың бул бағдарда экономикалық мәпдарлығы артып, пиллешилер саны көбейип бармақта. Тараўда берилип атырған жеңилликлер көлеми де ўатанласларымызды хошаметлеп атырғаны рас.

Президентимиздиң бир қатар қарарлары менен бул бағдарда анық ўазыйпалар белгиленген. Мәселен, пиллешилик шөлкемлери тәрепинен тутзарларды жаңалаў ушын егилген тут нәллерин ҳәм пилле жетистириў мәўсимлери ушын жипек қуртының туқымын халыққа бийпул тарқатыў, халық тәрепинен жетистирилген пилле өнимин сатыўдан тысқары арнаўлы азықлық бериўши тутзарлар арасында қосымша мәўсимлик аўыл хожалығы егинлерин егиў арқалы алынатуғын дәраматларды олардың өзинде қалдырыў сыяқлылар усылардың қатарына киреди.

Тийкарғысы, тараўдағы реформалар, белгиленген ўазыйпалар, халыққа берилип атырған жеңилликлер әмелде ислеп атыр. Буны ерисилип атырған нәтийжелерде айқын көриў мүмкин. Тараўға жаңаша қатнас арқалы адамлар пилле жетистириўге бос ўақытын бийкар өткериў емес, ал нәтийжели мийнет түри, жақсы дәрамат дәреги сыпатында қарай баслады. Үйде отырған жумыссыз ҳаял-қызлардың қаншасы пиллешилик арқалы шаңарағына дәрамат алып атыр. Әйне усы бағдарда исбилермен, жетекши ҳаял-қызлар пайда болып, аймақларда өз тәжирийбеси менен ортақласпақта.

Жаңа Өзбекстанда маман кадрларды таярлаўға қаратылған ҳәрекетлер жақын келешекте нәтийжесин береди. Илим тийкарында пиллешилик ҳәм тут жетистириўдиң буннан былай да раўажланыўы адамлар ушын да, мәмлекеттиң аўыл хожалығы ҳәм экономикасы ушын да пайдалы. Тийкарғысы, пиллешилик тараўында жедел басланған реформалар енди артқа қайтпайды.

Чоршанби БЕККАМОВ,

Ташкент мәмлекетлик аграр университети профессоры