Қутлықлаўда кейинги жылларда прокуратура уйымларының жумысында әмелге асырылған реформалар нәтийжесинде олар халыққа жақын болып, инсан қәдири, ҳуқықлары менен еркинликлери, пуқаралардың нызамлы мәплерин тиккелей орынларда қорғаўды тәмийинлейтуғын системаға айланғаны айрықша атап өтилген.

Атап айтқанда, өткен жылы 512 мыңға шамалас пуқараның бузылған ҳуқықлары тикленгени, 54 мыңға шамалас мүрәжат, соның ишинде, исбилерменлердиң дерлик 29 мың мәселеси унамлы шешилгени прокуратура уйымлары жумысының нәтийжелилигинен айқын дәрек береди.

Мәҳәллелерде жынаятшылықтың алдын алыў бойынша алып барылып атырған системалы профилактикалық жумыслардың нәтийжесинде аўыр категорияға киргизилген аймақлардың саны дерлик 1,5 есеге қысқарды. Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў шеңберинде мыңлаған ҳуқықбузарлықлардың алды алынды, мәмлекет ҳәм жәмийет мәплерине жеткерилген үлкен зыян қапланды.

Президентимиздиң қутлықлаўында санластырыў, кибержынаятшылыққа қарсы гүресиў, тергеў процесслерине заманагөй технологияларды енгизиў, ашық-айдынлықты және де күшейтиў әҳмийетли ўазыйпа екени айрықша атап өтилген. Прокуратура уйымларының хызметкерлери нызам ҳәм әдиллик тымсалы болыўы, халықтың исенимин ақлаўы зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң қутлықлаўында прокуратура уйымларының хызметкерлерине жуўапкершиликли ҳәм мақтанышлы хызметинде үлкен табыслар тиледи.

Күни кеше Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы менен прокуратура уйымларының бир топар хызметкерлери орден ҳәм медаллар менен сыйлықланды. Бүгинги илажда Президент Администрациясы басшысының орынбасары Нодира Ҳакимова усы жоқары сыйлықларды тапсырды.