Онда дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар тийкарында жаратылған имканиятлар, елимиздиң инвестициалық потенциалын арттырыў, исбилерменлер ушын қолайлы шараятлар жаратыў бағдарында әмелге асырылып атырған илажларды кең түрде атап өтти.

Сондай-ақ, Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған реформалар, регионды еле де раўажландырыў бойынша перспективалы режелер ҳаққында жақыннан пикирлесилди.

Буннан тысқары, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң мәмлекетимиздеги агентликлериниң қаржылары тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслар, грант қаржылары тийкарында исленген жойбарлар регионымызды раўажландырыў бағдарында әҳмийетли басламалар болып атырғанлығы, жақын шериклик қатнасықларды еле де беккемлеў мәселелери додаланды.

Ушырасыў даўамында мийманлар жыллы жүзлилик пенен күтип алғаны ушын Жоқарғы Кеңес Баслығына миннетдаршылығын билдирип, жақыннан бирге ислесиў бағдарындағы жумыслар буннан былай да даўам еттирилетуғынлығын билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.