Мине, усы баслама шеңберинде Нөкис қаласында Басшы ҳәм жаслар ушырасыўы өткерилди.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кенесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басқарып барды.

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Бас Прокурорының биринши орынбасары Б.Валиев,  Өзбекстан Республикасы Жоқары суды баслығының биринши орынбасары А.Усманов, Ишки ислер министриниң орынбасары Р.Ашропов, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министриниң орынбасары А.Муратов, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң орынбасары Ф.Боқиев, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығының биринши орынбасары У.Абдуллаевалар қатнасты.

Ушырасыўда мәмлекетимизде Президентимиз тәрепинен жасларға қаратылып атырған жоқары итибар, олардың билим алыўы, кәсип-өнер ийелеўи ҳәм өз потенциалын көрсетиўи ушын жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында айрықша сөз етилди.

Ушырасыў даўамында жаслардың пикир-усыныслары, машқалалары тыңланды ҳәм ҳәр бир көтерилген мәселе қадағалаўға алынып, жаслардың барлық басламалары қоллап-қуўатланатуғынлығы атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.