Оларға сапалы тәлим-тәрбия бериў, заманагөй кәсип-өнерлер ҳәм шет тиллерин үйретиў, турмыста мүнәсип орын табыўы ушын зәрүр шараятлар жаратыў ең тийкарғы ўазыйпамыз ҳәм миннетимизге айланған. Бул бағдардағы жумыслар анық система, беккем ҳуқықый тийкар, финанслық механизмлер ҳәм әмелий нәтийжелерге сүйенген ҳалда избе-излик пенен өтпекте. "Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат ҳаққында"ғы нызамның қабыл етилиўи, Жаслар ислери агентлигиниң шөлкемлестирилиўи ҳәм мәҳәллелерде жаслар менен мәнзилли ислесиў әмелияты жаслар сиясатын институционаллық жақтан беккемледи.
Соңғы он жылда жасларды қоллап-қуўатлаў, еркин турмысқа таярлаў ҳәм аяққа турғызыў мақсетинде 130 дан аслам нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилди. Олардың мазмун-мәнисинде жаслар, олардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, турақ жай менен тәмийинлеў, мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўда қолайлықлар жаратыў, исбилерменлик жумысы менен шуғылланыўда жеңилликлер бериў сыяқлы уллы идеялар жатады.
Мәмлекетимиздиң жасларға байланыслы сиясатында еки ең әҳмийетли бағдар бар: бириншиси оларға заманагөй билим бериў болса, екиншиси жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў. Кейинги жыллардағы реформалар, баслама ҳәм жаңа системалар тийкарында мине, усы мақсет жәмленген.
Билимлендириў тараўында жаслардың билим ҳәм қәбилетин раўажландырыў мақсетинде жаңаша түр ҳәм мазмундағы президент мектеплери, дөретиўшилик ҳәм қәнигелескен мектеплер системасы жаратылды. Улыўма, барлық мектеплерге итибар, муғаллимлерге хошамет ҳәм ҳүрмет артты. Жас әўладта билимге умтылыў күшейди.
Республикамыздағы орта билимлендириў мектеплериниң саны 11 171 ден, бақшалардың саны болса 38 мыңнан артып, мектепке шекемги билимлендириў системасына балаларды қамтып алыў көрсеткиши 78 процентке жетти. Ең шетки ҳәм алыс аймақларында да балалардың ҳәр тәреплеме камалға келиўи, ерте жасынан билим ҳәм тәрбия алыўы ушын зәрүр шараят жарататуғын мектепке шекемги билимлендириў системасы енгизилди.
Бурын жоқары билимлендириўге кириў қыйын, бир орын ушын онлаған жаслар бәсекилескен ҳәм жоқары оқыў орынлары жаслардың билимлендириў зәрүрлиги ушын жетерли болмаған болса, бүгинги күнде олардың саны 215 ке жетти. Соның менен бирге, мектеп ҳәм академиялық лицей питкериўшилерин жоқары билимлендириў менен қамтып алыў дәрежеси 9 проценттен 44 процентке артты.
Қәбилетли жасларға стипендия ҳәм грантлардың ажыратылыўы, жәрдемге мүтәж шаңарақлардың перзентлерин және сырт елдеги алдынғы билимлендириў дәргайларында билим алып атырған жасларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған бағдарламалар жаслардың потенциалын жүзеге шығарыўға хызмет етпекте. 110 мыңнан аслам жастың дүньяның Топ-300 рейтингине киретуғын университетлеринде билим алып атырғаны жаңа Өзбекстан жасларының жәҳән билимлендириў майданында өз орнын таўып атырғанынан дәрек береди.
Жас әўладтың шет тиллерин билиў көнликпелерин хошаметлеў мақсетинде жолға қойылған халықаралық имтихан қәрежетлерин қаплаў бағдарламасы үлкен нәтийже бермекте. Бағдарлама шеңберинде өткен жылы 17,3 мың жасқа 38,7 миллиард сум ажыратылған.
Бундай имканиятлар нәтийжесинде мәмлекетимиз жаслары жәҳән пән олимпиадаларында абырайлы орынларды қолға киргизбекте. Жаслар тәрепинен жаратылған стартап жойбарлар АҚШ, Қубла Корея, Уллы Британия ҳәм БАӘ базарларына кирип бармақта.
Ҳәр жылы мийнет базарына 600 мыңнан аслам жас кирип келмекте. Бул жүдә үлкен экономикалық күш, соның менен бирге, әҳмийетли социаллық мәселе. Сол себепли, оларды қоллап-қуўатлаў бойынша жеңилликлер шеңбери де избе-из кеңеймекте ҳәм жаслардың еркин турмысқа қәдем қойыўы ушын бир қатар әмелий илажлар көрилмекте.
"Жаслар дәптери" системасы жаслар менен ислесиўде жаңа басқышты баслап берди. Система арқалы социаллық қорғаўға мүтәж, жумыссыз, кәсип-өнер үйрениўге зәрүрлиги бар, аўыр шараятта қалған жаслар анықланып, оларға мәнзилли жәрдем көрсетилмекте. Мәселен, 2025-жылы Жаслар бәнтлиги бағдарламасы арқалы 354 мың жас жумыс пенен тәмийинленген. Сондай-ақ, 91 мыңнан аслам жасқа 2 триллион 663 миллиард сумлық жеңиллетилген кредитлер, 18 мың жасқа субсидиялар, 2,5 мың жасқа 1,3 мың гектар егислик майданы ажыратылған және 4 489 студенттиң 199 миллиард сумлық бизнес жойбарлары қаржыландырылған.
Елимизде ҳәр жылы 270 мың жас шаңарақ пайда болмақта. Турақ жай, оқыў ушын төлемлер, салық жеңилликлери сыяқлы жеңилликлер олардың өмирге исенимин беккемлемекте.
БМШ мағлыўматларына бола, ҳәзир дүнья жүзи бойынша 417 миллионнан аслам балаға билимлендириў, медициналық хызмет, турақ жай, азық-аўқат жетиспейди, 273 миллион бала мектеп билимлендириўинен шетте қалмақта. Усындай қыйын глобал шараятта мәмлекетимизде балалар 100 процент мектепке барыўы, оқып, өнер үйренип, жәмийетте мүнәсип орын ийелеўи кеўиллерде шүкиршилик сезимин оятады.
Жаслар сиясатында спорт тараўын раўажландырыў да әҳмийетли орын ийелемекте. Усы мақсетте 1,5 мыңнан аслам мәҳәлледе 1 мың 774 заманагөй спорт майданшасы қурылды. Аймақларда 200 ден аслам ири спорт объекти, 4 мыңға шамалас жеке меншик спорт клубы жумыс баслады. Нәтийжеде спорт пенен профессионал шуғылланатуғын жаслардың саны 2 есеге, олимпиада сайланды командаларының спортшылары 2 есеге, паралимпиада бойынша болса 3 есеге көбейди.
Бул ҳәрекетлер халықаралық майданда да әмелий нәтийжесин бермекте. Атап айтқанда, 2024-жылғы Париж Олимпиадасында мәмлекетимиз тарийхтағы ең жақсы нәтийжени көрсетип, 208 мәмлекет арасында 13-орынды ийеледи. Сондай-ақ, Өзбекстан спорчтшылары 2018-жылы Жакарта қаласында ҳәм 2022-жылы Ханчжоу қаласында өткерилген Азия ойынларында избе-из 5-орынды ийеледи.
Футбол бойынша миллий сайланды командамыздың 2026-жылғы жәҳән чемпионатына биринши мәрте жоллама алғаны да мәмлекетимиз спорты тарийхында жаңа бет ашты.
Паралимпия спортында елимиз спортшылары исенимли нәтийжелерге ериспекте. Токио-2020 ҳәм Париж-2024 Паралимпия ойынларында Өзбекстан ең күшли паралимпия командалары қатарынан орын алды. Бул жетискенликлер спорт тараўындағы системалы реформалар, имканияты шекленген жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың ерк-ықрары, қәбилети ҳәм потенциалын жүзеге шығарыў ушын жаратылып атырған шараятлардың әмелий көриниси болып есапланады.
Президентимиз жаслар менен турақлы пикирлесип, пикир ҳәм усынысларын тыңлап келмекте, перспективалы басламаларын қоллап-қуўатламақта. Усы мақсетте 30-июнь Жаслар күни сыпатында белгилениўи, Өзбекстан жаслары форумының турақлы өткерилип барылыўы, ҳәким ҳәм жаслар ушырасыўларының жолға қойылыўы жаслар сиясатына қаратылып атырған жоқары итибардан дәрек береди.
Нәтийжеде жаслар менен ислесиў тек ғана улыўма илажлар дәрежесинде емес, ал ҳәр бир жигит-қыздың талабы, имканияты ҳәм турмыс шараятын есапқа алған ҳалда шөлкемлестириле баслады.
Бул процесс билимлендириў, бәнтлик, исбилерменлик, социаллық қорғаў, заманагөй кәсиплер, мәлимлеме технологиялары, шет тиллери, спорт ҳәм мәденият тараўларында үлкен нәтийжелерге тийкар болмақта.
Президентимиз жасларға мүрәжат етип, оларды илим алыўға, жаңаша идеяларды алға қойыўға, ойлап табыўлар ҳәм перспективалы жойбарлар жаратыўға, излениў ҳәм ҳәрекеттен тоқтамаўға шақырмақта. Ең әҳмийетлиси, мәмлекет жаслардың ҳәр бир басламасы, билимге умтылыўы ҳәм дөретиўшилик потенциалын бәрқулла қоллап-қуўатлаўға таяр.
Енди жас әўлад ушын имканиятлар және де кеңейеди. Усы жылы қабыл етилген "Жаңа Өзбекстан жаслары - 2030" стратегиясында үлкен шеклерге ерисилди. Атап айтқанда, келеси бес жылда ипотека кредитлери ҳәм субсидиялар тийкарында 40 мың жас шаңарақты турақ жай менен тәмийинлеў, халықаралық базарға шыққан стартаплардың санын 400 ге жеткериў ҳәм бул жойбарларды иске қосыў нәтийжесинде жаслар ушын 20 мыңнан аслам жаңа жумыс орнын жаратыў сыяқлы мақсетли көрсеткишлер белгиленди.
Жаратылып атырған имканиятлар жаслар мойнына да үлкен жуўапкершилик жүклейди. Бүгинги жаслар берилген жеңиллик ҳәм шараятлардан нәтийжели пайдаланып, билимли, бәсекиге шыдамлы, интакер, заманагөй пикирлейтуғын ҳәм Ўатан тәғдирине байланыслы әўлад сыпатында қәлиплесиўи зәрүр. Өзбекстанның келешеги, бәринен бурын, өзиниң билими, мийнети, умтылысы ҳәм ўатансүйиўшилиги менен елимиздиң раўажланыўына үлес қосатуғын жаслардың қолында.
Музаффар БЕРДИАЛИЕВ,
Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети еркин излениўшиси