Қарарға муўапық:

Техникумлар менен биргеликте дуал оқытыўды енгизген шөлкемлерге 5 миллиард сумға шекем 7 жыл мүддетке, соның ишинде, 2 жыллық жеңиллетилген дәўир менен, Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан жылына 4 процентлик пунктке жоқары ставкада жеңиллетилген кредитлер бериледи.

Биринши мәрте жеңиллетилген кредит алыў ушын шөлкем ҳәр 1 млрд сум қаржы ушын кеминде 5 оқыўшыны еки оқыў жылы даўамында дуал билимлендириў бағдарламасы тийкарында оқыўға тартыўы ҳәм кеминде бир питкериўшини кеминде бир жыл мүддетке жумыс пенен тәмийинлеўи керек.

Экономика ҳәм қаржы министрлиги техникумлар менен биргеликте дуал оқытыўды енгизген ҳәм питкериўшилердиң бәнтлигин тәмийинлеген шөлкемлерди кредитлеў ушын зәрүр қаржы ресурсларын қәлиплестиреди. Онда бундай шөлкемлерге кредитлер "Өзмиллийбанк" АК ҳәм "Алоқабанк" АКБ ресурслары есабынан ажыратылады.

Агентлик инвесторлардың буйыртпалары тийкарында кадрлар таярлаў бойынша усынысларын үйренип, тийисли техникумлар ушын жаңа оқыў жылы ушын кәсип ҳәм қәнигеликлер кесиминде қабыллаў параметрлерин тастыйықлайды.

Инвесторлардың буйыртпалары тийкарында қәлиплестирилген айырым топарлар ушын тийисли кәсип ҳәм қәнигеликлер бойынша оқыў режелери ҳәм бағдарламаларына инвесторлардың усынысларын есапқа алған ҳалда 30 процентке шекем өзгерислер киргизиўге рухсат бериледи.