Инсан биосфера байлықларынан пайдаланыў процесинде оған актив тәсир көрсетеди. Өсимлик, ҳайўанат ҳәм адам жасаўы ушын зәрүр орталық, яғный ҳаўа қурамындағы тийкаргы төрт элемент (кислород, углерод, водород ҳәм азот) тың Қуяш энергиясы тәсири ҳәм суў қатнасыўында әмелге асатуғын экологиялық айланысы тең салмақлылығын бузады. Сондай-ақ, топырақ, ҳаўа ҳәм суў патасланады. Тири организмлер генофондына зыян жетеди.

Дүньяда, соның ишинде, елимизде халықтың генофондын сақлап қалыў ушын тәбийғый турақлылықтың турақлылығын турақлы қадағалаў, қоршаған орталықтың патасланыўына қарсы илажлар ислеп шығыў ҳәм нәтийжели әмелге асырыў әҳмийетли ўазыйпа болып табылады.

Соңғы жыллары инсанияттың тәбийғый ресурсларды өзлестириў, қайта ислеў ҳәм қосымша қунға тийкарланған жаңа өнимлер жаратыў менен байланыслы әмелий жумысы жеделлести. Ири елатлы пунктлердеги урбанизация, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўши ыссыханалар, мәўсимлик ыссылық тәмийнаты кәрханаларының жумысы, өндирис ҳәм қурылыс объектлериниң салмағының артыўы себепли қоршаған орталыққа тәсир күшейип кетти. Қоршаған орталықтың патасланыўында, әсиресе, транспорт қуралларының тәсири үлкен.

Транспорт қураллары атмосфера ҳаўасын ҳәр түрли зәҳәрли газлер менен патаслаўдан тысқары, дүнья халқы дем алыўы ушын зәрүр кислородтан 3-4 есе көп кислород жағады. Бир автомобиль двигателинин жыллық кислород сарпланыўы 20-30 адамның жыл даўамында дем алатуғын кислородына тең.

Буннан басқа, атмосферага ҳәр түрли газ (ис гази, азот оксиди, углеводород, қорғасынның зәҳәрли бирикпелери, шаң, тозаң) шығарады. Атап айтқанда, атмосфера ҳаўасын азот оксиди менен 45,7 процент, углеводород пенен 42 процент зыянлайды. Жер жүзинде бир жылда ҳаўаға шығарылатуғын 100 миллион тоннаға шамалас ийис газиниң 75,5 миллион тоннасы ямаса 78 проценти автотранспорт қуралларының үлесине туўра келеди. Есап-санақларға бола, бир жылда бир автомобиль орташа 4 тонна кислородты ҳаўадан алып, сыртқы орталыққа 800 килограмм ийис гази, 40 килограмм азот оксиди ҳәм 200 килограмм әтирапында ҳәр қыйлы зәҳәрли зат, соның ишинде, углеводород шығарады.

Президентимиздиң 2019-жыл 30-октябрьдеги "2030-жылға шекемги дәўирде Өзбекстан Республикасының Қоршаған орталықты қорғаў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында"ғы пәрманы менен турақлы раўажланыў принциплерине тийкарланып тәбиятты сақлаў, экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, климат өзгериўине бейимлесиў, "жасыл" экономикаға өтиў ҳәм патасланыўды азайтыў арқалы халықтың денсаўлығын қорғаў ҳәм бай тәбийғый ресурсларды келешек әўладқа жеткериў зәрүрлиги белгиленген.

Концепцияның өз-ара үзликсиз байланыслы алты бағдарындағы тийисли ўазыйпаларды әмелге асырыў мәмлекетимиз пуқаралары, атап айтқанда, тараў қәнигелери ҳәм илимпазлардың мойнына үлкен ўазыйпалар жүклейди.

Сонлықтан, атмосфера ҳаўасы, суў бассейнлери ҳәм топырақтың санаат ҳәм турмыслық шығындылар менен патасланыўын минималластырыў бағдарында орынланып атырған еки илимий қолланба ҳаққында мағлыўмат бериўди мақсет еттик.

Бириншиси, атмосфера ҳаўасын патасландырыўшы дәреклер ҳәм олардан қоршаған орталыққа шығарылып атырған патасландырыўшы затлардың муғдарын оператив анықлаўға байланыслы илимий-техникалық шешим.

Екиншиси, автотранспорт қуралларының қоршаған орталыққа антропоген тәсирин азайтыўшы жетилистирилген сөндиргиш (глушитель).

Биринши илимий-техникалық шешимниң мәниси сонда, ол жеңил конструкцияға ийе модул болып, қоршаған орталықты патасландырыўшы анық дәреклердиң шығынды газлериниң қурамы ҳәм патасланыў дәрежесин жедел анықлайды. Оның ислеўи ҳәр қыйлы ҳаўа-райы шараятында ҳаўа қурамындағы шығынды газ түри, ҳәттеки, көтерилип турған шаң бөлекшелери концентрациясының өзгериўин де тийисли сенсорлар жәрдеминде таллаў мүмкин екенлигине тийкарланған.

Модул дүзилисиндеги бул қурылма ҳәр қыйлы газлер ҳәм экологиялық параметрлерди өлшеўши датчиклер менен үскенеленген. Ол автотранспорт қуралы ямаса ушыўшысыз ушыў қурылмаларына орнатылып, ҳәрекетлениў даўамында геолокация мағлыўматлары менен бирге ҳаўаның патасланыў көрсеткишлерин реал ўақыт режиминде дизимге алады. Жоқары мобилликке ийе бул система үлкен аймақларда оператив мониторинг өткериў, патасланыў дәреклерин локализациялаў ҳәм вертикал (бәлентлик бойынша) тарқалыўды таллаў имканиятын береди. Бул шешим дәстүрий стационар мониторинг системаларының шеклениўин сапластырып, экологиялық қадағалаў нәтийжелилигин сезилерли дәрежеде арттырады.

Жиззақ политехника институты изертлеўшилери менен орынланған екинши техникалық шешимниң мәниси автотранспорт қураллары ишки жаныў двигателинен шығатуғын газлерди азайтыў менен байланыслы. Әдетте олар бир қатар басқышлар (қабыл етиўши труба, катализатор, резанатор) дан өтип, ақырғы басқышта сөндиргиш (глушитель) арқалы қоршаган орталыққа тасланады.

Катализатор шығынды газ муғдарын кемейтеди, шала жанған жанылғының жаныў процесин тезлестирип, резонаторға шығынды газ өтиўин тәмийинлейди. Резонатор шаўқымды пәсейтеди, ушқынларды сөндирип, зыянлы газлер муғдарын кемейтеди. Соңғы басқышта сөндиргич шаўқым, шығынды газдиң сес тербелисин пәсейтеди ҳәм қосымша фильтр болған жағдайда шығынды газ муғдарын азайтады.

Жаңа усынылып атырған сөндиргиш (глушитель) жергиликли базальт талшықларынан таярланған толтырғышлы шнур менен толтырылған. Базальт талшықлары, соннан, олардан алынған өнимлер жоқары температура ҳәм коррозияға шыдамлы, агрессив орталық, дузлар, кислоталар, силтили еритпелер тәсирине шыдамлы. Қоршаған орталықтың тазалығы барған сайын әҳмийетли болып атырған ҳәзирги күнде усы қолланба ҳәм усыныслардың көбирек ислеп шығылыўы ҳәм әмелиятқа кеңирек енгизилиўи мақсетке муўапық.

Фарҳод РАҲИМОВ,

техника илимлериниң докторы, профессор