Өзбекстанның БМШтың бул қәнигелестирилген мәкемеси менен көп қырлы ҳәм узақ мүддетли бирге ислесиўин және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Шөлкем басшысы Өзбекстанда туризм тараўында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды жоқары баҳалады. Инфраструктураны модернизациялаў ҳәм туризм хызметлерин диверсификациялаў илажлары избе-из әмелге асырылмақта. Авиақатнаўлар географиясы кеңейип, елимизде жаңа музейлер шөлкемлестирилмекте, ири мәдений илажлар турақлы өткерилмекте.

Соңғы 8 жылда Өзбекстанға келген туристлердиң саны 6 есеге көбейип, дерлик 12 миллионға жеткени айрықша атап өтилди. 2030-жылға барып оларды 20 миллионға жеткериў, туризмниң жалпы ишки өнимдеги үлесин 7 процентке жеткериў мөлшерленген.

Өзбекстан ҳәм "Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Туризм" ассоциациясы арасындағы бирге ислесиў жеделлесип баратырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. 2023-жылы Самарқанд қаласында Шөлкемниң Бас Ассамблеясы табыслы өткерилди, Халықаралық туризм академиясы шөлкемлестирилди, жақында "Жипек жолында туризм" тематикалық офиси ашылады.

Өзбекстанның басламасы менен БМШ Бас Ассамблеясының 2027-жылды Халықаралық турақлы ҳәм қолайлы туризм жылы, деп жәриялаў ҳаққындағы резолюциясы қабыл етилди.

Сөйлесиўде шерикликти буннан былай да раўажландырыў, соның ишинде, туризм тараўында халықаралық ҳуқықый базаны жетилистириў, биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў, экспертлик ҳәм техникалық бирге ислесиўди кеңейтиў, туризм тармағы ушын жоқары маманлықтағы кадрларды таярлаўға таяр екени тастыйықланды.