Мийманларды район ҳәкими З.Зайтов күтип алып, мәҳәлледе жетилиги тәрепинен әмелге асырылған жумыслар  бойынша мағлыўматлар берилди. Онда аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаўға қаратылған басламалар айрықша атап өтилди.

Сапар шеңберинде мийманлар мәҳәлле турғыны  Бахтияр Жубаевтың дийқан хожалығында жолға қойылған пал жетистириў жумысы менен жақыннан танысты. Бул хожалықта әмелге асырылып атырған жумыслар, әсиресе, заманагөй усылда пал жетистириў ҳәм оны қайта ислеў процесслери мийманларда үлкен қызығыўшылық оятты.

Өткен жылы Б.Жубаевқа Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Раўажланыў бағдарламасы тәрепинен грант тийкарында пал қадақлаў үскенеси берилген болып, бул оның жумысын және де кеңейтиў ҳәм өнимниң сапасын арттырыўда әҳмийетли фактор болып хызмет етип атырғанын атап өтиў керек.

Бул әҳмийетли сапар – мәҳәлледе әмелге асырылып атырған жойбарларды халықаралық дәрежеде қоллап-қуўатлаў, жаңа басламаларды әмелге асырыў ҳәм өз-ара тәжирийбе алмасыўда үлкен әҳмийетке ийе.

                                                                    Қарақалпақстан хабар агентлиги.