Бүгин дүнья көлеминде топырақ ресурсларын сақлаў мәселеси ең әҳмийетли экологиялық ҳәм экономикалық ўазыйпалардан бирине айланғаны бийкарға емес. БМШтың Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеминиң мағлыўматларына бола, ҳәзир дүньядағы топырақлардың дерлик 33 проценти түрли дәрежеде деградация процесине ушыраған. Бул сан әпиўайы статистика емес, ал инсаниятқа берилген қатаң ескертиў. Себеби топырақтың ҳәлсиреўи тек ғана жердиң сапасының төменлеўи емес, ал өнимдарлықтың азайыўы, азық-аўқат қәўипсизлигине қәўип ҳәм келешектеги раўажланыў имканиятларының шеклениўи дегени.
Сол себепли, бүгин мәмлекетлердиң қүдирети жер асты байлықлары менен бирге өнимдарлы топырақты қай дәрежеде сақлай алыўы менен де белгиленбекте. Себеби айырым тәбийғый байлықлар бир күн таўысылыўы мүмкин. Бирақ қәстерлеп сақланған топырақ жыллар даўамында халыққа хызмет етеди.
Миллий байлық дегенде көбинесе алтын, нефть, газ сыяқлы ресурслар тилге алынады. Әлбетте, олар мәмлекеттиң экономикалық потенциалы ушын әҳмийетли. Бирақ инсан өмири ушын ең зәрүр байлықлардан бири өнимдарлы топырақ екенин умытпаў керек. Себеби дастурханымыздағы нан, мийўе-овощ, шарўалар ушын азық-аўқат - ҳәммесиниң басланыўы жер менен байланыслы.
Ғәрезсиз мәмлекеттиң қүдирети тек ғана экономикалық көрсеткишлерине емес, ал халқын зәрүр азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў имканиятына да қарап белгиленеди. Усы мәнисте топырақты сақлаў тек ғана экологиялық ўазыйпа емес, ал миллий қәўипсизлик мәселеси болып табылады.
Келешекке инвестиция
Президентимиздиң атап өткениндей: "Топырақты қәстерлеп сақлаў - азық-аўқат қәўипсизлигин, демек, миллий ғәрезсизлигимиз ҳәм келешегимизди қәстерлеп сақлаў менен тең". Ғәрезсизлик бизге тек ғана өз тәғдиримизди белгилеў ҳуқықын емес, ал ана жеримизге ийелик етиў, оны қәстерлеп сақлаў ҳәм келешек әўладларға мүнәсип ҳалда жеткериў жуўапкершилигин де берди.
Жерге итибар бүгинги зүрәәтке емес, ертеңги раўажланыўға қаратылған инвестиция болып есапланады. Бирақ оның қәдирин аңлаўдың өзи жетерли емес. Ең әҳмийетли сораў бунда: бизге исенип тапсырылған мине усы байлықты қандай жағдайда келешекке жеткерип атырмыз? Бул сораўға жуўап табыў ушын топырақтың бүгинги жағдайына нәзер таслаўымыз керек.
Жердиң қәдирин аңлаў - оны қәстерлеп сақлаў жолындағы биринши қәдем. Бирақ ҳәр қандай байлықтың ҳақыйқый баҳасы оның бүгинги жағдайы менен белгиленеди. Усы мәнисте топырақтың жағдайы тек ғана аўыл хожалығының раўажланыўының емес, ал мәмлекеттиң келешек имканиятларының да айнасы болып табылады.
Топырақ әпиўайы тәбийий қатлам емес. Онда миллионлаған жыллық тәбийғый процесслер, өсимликлер турмысы, суў ҳәм климат пенен байланыслы қурамалы система жәмленген. Биз оған қаншелли ақыллылық пенен қатнаста болсақ, ол бизге сонша көп берекет қайтарады. Бирақ оннан тек ғана алыўға ҳәрекет етип, тәбийғый имканиятларын тиклеў ҳаққында ойламасақ, ўақыттың өтиўи менен жердиң қуўаты төменлейди.
Өзбекстан шараятында бул мәселе айрықша әҳмийетке ийе. Себеби мәмлекетимиз аўыл хожалығы суўғарылмайтуғын жерлерден тысқары тийкарынан суўғарылатуғын жерлерге сүйенеди. Бирақ суў ресурсларының шекленгени, климат өзгерислери, халық санының артыўы ҳәм жерге басымның күшейиўи майданлардан және де абайлы пайдаланыўды талап етпекте.
Бүгин ҳәр бир гектар жердиң қәдири кешегиден де жоқары. Себеби халық көбеймекте, азық-аўқат өнимлерине талап артып бармақта, бирақ өнимдарлы жер резерви шекленген. Сонлықтан, тийкарғы ўазыйпа тек ғана жаңа жерди өзлестириў емес, ал бар жерлерди сақлаў, өнимдарлығын тиклеў ҳәм ҳәр бир гектардан нәтийжели пайдаланыўдан ибарат.
Таллаўларға бола, соңғы он жыллықларда суўғарылатуғын топырақлардың тәбийғый өнимдарлығына тәсир етиўши факторлар күшейген. Атап айтқанда, кейинги 30 жылда суўғарылатуғын топырақларда гумус муғдары 10-15 процентке азайған. Бул цифр артында үлкен мәни бар.
Гумус — топырақтың тиришилик тийкары. Ол жердиң суўды услап турыў қәбилетин арттырады, өсимликлер ушын зәрүр болған азықлық затлар менен тәмийинлейди ҳәм өнимдарлықтың турақлылығын белгилейди. Гумус муғдарының кемейиўи болса топырақтың тәбийий күш-қуўаты кемейип баратқанлығынан дерек береди.
Қәнигелердиң пикиринше, соңғы жыллардағы бундай өзгерислер эквивалент есабында дерлик 450 мың гектар жоқары өнимли суўғарылатуғын жер имканиятларының қолдан берилиўине тең тәсир көрсетиўи мүмкин. Ҳәзирги ўақытта суўғарылатуғын топырақлардың жағдайына байланыслы басқа көрсеткишлер де айрықша итибарды талап етеди. Соның ишинде, суўғарылатуғын топырақлардың 93 процентинде гумус, 68 процентинде фосфор, 79 процентинде алмасатуғын кальий муғдары орташа дәрежеден төмен дәрежеге түскен. Бул жағдайлар жерден пайдаланыўда илимий қатнасты және де күшейтиў, топыраққа қайтарылатуғын азықлық затлардың тең салмақлылығын тәмийинлеў ҳәм агротехникалық илажларды дурыс шөлкемлестириў зәрүрлигин көрсетеди. Себеби жерден тек ғана зүрәәт алыў емес, ал оған күш те бериў керек. Жерге қайтарылған ҳәр бир азықлық, сақланған ҳәр бир өнимдар қатлам келешектеги зүрәәт ушын қойылған тырнақ болып есапланады.
Топырақтың және бир әҳмийетли машқаласы - шорланыў ҳәм эрозия процесслери. Тәбийий шараятлар, суўдан надурыс пайдаланыў, агротехникалық талапларға жетерли дәрежеде әмел етпеў сыяқлы факторлар жердиң сапасына унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин. Шорланған ямаса эрозияға ушыраған жердиң өнимдарлығын тиклеў аңсат жумыс емес. Бул үлкен мийнет, ўақыт ҳәм илимий қатнас жасаўды талап етеди.
Рәсмий мағлыўматларға бола, Өзбекстанда 22 миллион гектар жер шөлистанласыў процесине бейим аймаққа киреди. Бул сан бизге және бир әҳмийетли ҳақыйқатты еслетеди: жер ресурсларынан пайдаланыўда бүгинги қарарлардың баҳасы ертеңги нәтийжелер менен өлшенеди.
Ғәрезсизлик жылларында елимизде халықтың мүтәжликлери, қала қурылысы ҳәм инфраструктураның раўажланыўы менен байланыслы ҳалда жер ресурсларынан пайдаланыў процеси де өзгерди.
Соңғы 20 жылда халықтың жан басына туўра келетуғын суўғарылатуғын жер майданы 0,23 гектардан 0,16 гектарға шекем қысқарғаны да ҳәр бир қарыс жердиң қәдири артып баратырғанын көрсетеди. Демек, бүгинги ўазыйпа анық: бар жерди сақлаў, өнимдарлығын тиклеў, ҳәр бир гектардан ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыў. Бирақ бул ўазыйпаларды орынлаў ушын машқаланы аңлаўдың өзи жетерли емес. Жерди қәстерлеп сақлаў ушын оны терең үйрениў, илимий тийкарланған қарарлар қабыл етиў ҳәм заманагөй технологиялардан пайдаланыў зәрүр. Соның ушын бүгин топырақтың тәғдири илим ҳәм инновациялар менен тығыз байланыслы.
Улыўма миллий жуўапкершилик
Топырақты қәстерлеп сақлаў ушын, бәринен бурын, оны билиў керек. Себеби ҳәр бир жер майданының өз қәсийети, тарийхы ҳәм талабы бар. Бир аймақ ушын нәтийжели болған қатнас басқа майдан ушын күтилген нәтийжени бермеўи мүмкин. Сол себепли, бүгин жерге қатнас улыўма түсиниклерге емес, ал анық илимий мағлыўматларға тийкарланыўы керек.
Топырақтаныў пәни әйне усы ўазыйпаны атқарады. Ол жердиң жағдайын үйренеди, онда болып атырған процесслерди таллайды ҳәм топырақтың өнимдарлығын сақлаў және арттырыў ушын илимий тийкарланған усыныслар береди.
Өзбекстанда бул тараўда қәлиплескен көп жыллық изертлеўлер ҳәм топланған бай тәжирийбе жер ресурсларын нәтийжели басқарыў ушын беккем тийкар болып хызмет етпекте.
Топырақтаныў ҳәм агрохимиялық изертлеўлер институты тәрепинен исленип атырған жумыслар да әне усы мақсетке қаратылған. Соның ишинде, 2026-жылдың биринши ярымында Әндижан, Қашқадәрья ҳәм Жиззақ ўәлаятларында суўғарылатуғын майданда топырақ изертлеўлери ҳәм агрохимиялық карталастырыў жумыслары орынланды.
Бундай изертлеўлер ҳәр бир жер майданының ҳақыйқый жағдайын анықлаў, машқалаларды алдыннан көриў ҳәм дурыс агротехникалық қарарлар қабыл етиў имканиятын береди.
Бүгин санлы топырақ карталары заманагөй дийқаншылықтың әҳмийетли қуралына айланбақта. Бурын жер ҳаққындағы қарарлар тийкарынан тәжирийбе ҳәм бақлаўларға сүйенетуғын болса, бүгин заманагөй технологиялар арқалы ҳәр бир майданның анық жағдайын баҳалаў мүмкин. Санлы топырақ карталары арқалы жердиң қурамы, өнимдарлық дәрежеси, азықлық затлардың жағдайы, шорланыў дәрежеси ҳәм басқа да әҳмийетли көрсеткишлер ҳаққында анық мағлыўмат алынады. Бул болса төгинлеў, суўғарыў ҳәм агротехникалық илажларды илимий тийкарда белгилеў имканиятын береди. Басқаша айтқанда, бүгин жердиң де өз "паспорты" бар.
Бул мағлыўматлар фермер ҳәм қәнигелерге жер менен дурыс мүнәсибет орнатыў, артықша қәрежетлерди азайтыў ҳәм өнимдарлықты арттырыўға жәрдем береди. Заманагөй технологиялар имканиятлары буннан былай да кеңеймекте. Жасалма интеллект, геомәлимлеме системалары ҳәм аралықтан зондлаў технологиялары арқалы топырақтағы өзгерислерди жедел таллаў, қәўипли процесслерди алдыннан анықлаў ҳәм келешектеги жағдайды болжаў имканиятлары пайда болмақта. Бул - жер ресурсларын басқарыўда жаңа дәўир басланып атырғанынан дәрек береди.
Ендиги ўазыйпа тек ғана ҳәзирги жағдайды атап өтиў емес, ал келешекте жүзеге келиўи мүмкин болған машқалалардың алдын алыўдан ибарат. Әлбетте, ҳәр қандай технологияның нәтийжеси оның әмелиятқа дурыс енгизилиўи менен белгиленеди. Илимий жуўмақлар атызларға жетип барса, санлы карталар тийкарында қабыл етилген қарарлар ҳақыйқый нәтийже берсе, заманагөй көзқараслар халықтың абаданлығына хызмет етеди.
Соның ушын бүгинги әҳмийетли ўазыйпалардан бири - илим, мәмлекетлик басқарыў ҳәм жерден пайдаланыўшылар арасындағы бирге ислесиўди және де күшейтиў. Себеби топырақты қәстерлеп сақлаў тек ғана илимпазлар ямаса қәнигелердиң ўазыйпасы емес. Бул - улыўма миллий жуўапкершилик. Фермер ушын жер өнимдарлығын сақлаў мәденияты, илимпаз ушын жаңа шешимлер излеў ҳәм илимди әмелиятқа жақынластырыў, басшы ушын жер ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлеў ҳәм ақырында ҳәр бир пуқара ушын болса ана жерге ҳүрмет пенен қатнаста болыў болып табылады.
Ырысқы дереги
Жерди билиў - оны қәстерлеп сақлаўдың басламасы. Бирақ билимниң өзи жетерли емес. Енди оны жуўапкершиликли ҳәрекетке айландырыў, топырақтың ең баҳалы байлығы болған өнимдарлы қатламды сақлаў әҳмийетли ўазыйпа.
Топырақтың ҳақыйқый байлығы оның тек ғана майданы менен емес, ал инсанға өмир ҳәм ырысқы-несийбе бере алатуғын өнимдарлығы менен белгиленеди. Жердиң ең баҳалы бөлеги өнимдар қатламы болып есапланады. Бул қатламда өсимликлер тиришилиги ушин зәрүр затлар, тәбийий теңсалмақлық ҳәм топырақтың тиришилик қуўаты жәмленген.
Жүзлеген жылларда қәлиплескен байлықты қысқа ўақытта әззилетиў мүмкин. Бирақ оны қайта тиклеў ушын үлкен мийнет, ўақыт ҳәм илимий қатнас талап етиледи. Сонлықтан, аўыл хожалығы жерлеринен пайдаланыў процесинде өнимдарлы қатламды қорғаў мәселесине айрықша итибар қаратыў зәрүр. Мәмлекетимизде бул бағдарда ҳуқықый тийкарларды жетилистириўге де үлкен әҳмийет берилмекте.
Өзбекстан Республикасының "Топырақты қорғаў ҳәм оның өнимдарлығын арттырыў ҳаққында"ғы нызамы ҳәм Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 22-январьдағы "Топырақ мониторингин әмелге асырыў ҳәм топырақтың өнимдарлы қатламын анықлаў тәртибин жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы қарары бул бағдарда әҳмийетли ҳуқықый тийкар болды.
Усы ҳүжжетлер тийкарында топырақ мониторингин жүргизиў, өнимдарлы қатламды анықлаў ҳәм қырып алыў, оны сақлаў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм қорғаў бойынша анық тәртиплер белгиленди. Бул болса жерге қатнаста жаңаша қатнасты қәлиплестирмекте. Себеби бүгин жерден пайдаланыў дегенде тек ғана оннан зүрәәт алыў емес, ал оның тәбийғый имканиятларын келешек ушын сақлап қалыў да түсиниледи.
Бүгин топырақты сақлаў ушын зәрүр болған тийкарлар бар. Илимий потенциал, көп жыллық тәжирийбе, заманагөй технологиялар бар. Ҳуқықый база қәлиплестирилген. Ендиги ең әҳмийетли ўазыйпа - әне усы имканиятларды турмысқа толық енгизиў. Себеби ҳәр қандай реформаның ҳақыйқый нәтийжеси ҳүжжетлердеги емес, ал әмелияттағы нәтийжеси менен өлшенеди.
Илимий усыныслар фермер атызына жетип барса, заманагөй технологиялар әмелиятта ислесе, нызам талаплары ҳәр бир жерден пайдаланыўшының күнделикли жуўапкершилигине айланса ғана гөзленген мақсетке ерисиледи.
Шуҳрат БОБОМУРОДОВ,
Топырақтаныў ҳәм агрохимиялық изертлеўлер
институты директоры, биология илимлериниң докторы, профессор