Соңғы 70 жыл даўамында Орайлық Азияда температура Цельсий шкаласы бойынша 1,5-2 дәрежеге көтерилди. Бул болса экологиялық машқалалардың кескинлесиўине, музлықлардың ериўи ҳәм шөллениўдиң тезлесиўине алып келмекте. Бул процесслердиң барлығы бир-бири менен өз-ара байланыслы болып, региондағы экосистемалар, экономика ҳәм адамлардың турмысына унамсыз тәсир етпекте.
Глобал климат өзгериўи себепли музлықлардың ериў тезлиги
соңғы жылларда 65 процентке артты: 90-жыллардың басында планетада жылына 0,8
триллион тонна, 2000-жылларға келип болса 1,3 триллион тонна муз ериди. Орайлық
Азия регионы ушын да бул экологиялық машқала бүгинги күнниң ең әҳмийетли климат
машқалалары қатарына киреди.
Регионда суў ресурсларының жетиспеўшилиги артып бармақта.
Бүгинги күнде 37 миллионнан аслам адам, тийкарынан, суў тәмийнаты төменлеген,
сондай-ақ, тийисли инфраструктуралар жетерлише раўажланбаған, суў ресурслары
жетиспейтуғын аймақларда жасайды.
Евроазия раўажланыў банкиниң есап-санақларына бола, 2025-2030-жылларда
регион мәмлекетлери ушын суў ҳәм климат инфраструктурасы ушын зәрүр
инвестициялардың улыўма көлеми дерлик 29,2 миллиард долларды қурайды.
Аралбойы регионының жағдайы жағдайды қыйынластырмақта -
самаллар Аралдың қурыған ултанынан ҳәр жылы шама менен 15-75 миллион тонна қум,
шаң ҳәм дузды ушырып кетеди. Бул болса сезилерли аралықларда ҳаўа сапасын
жаманластырады ҳәм тиккелей социаллық-экономикалық жоғалтыўларға алып келеди.
Сол себепли соңғы жылларда Орайлық Азияның регионаллық күн
тәртибинде экологиялық мәселелер барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Суў
ресурслары менен байланыслы машқалалар, жер деградациясы, климат өзгериўи,
Аралбойының жағдайы енди регион мәмлекетлери тәрепинен өз алдына емес, ал
регионның улыўма турақлы социаллық-экономикалық раўажланыў мәселелери контексинде
көрилмекте.
Орайлық Азия мәмлекетлери мәмлекет басшыларының сиясий
ерк-ықрары себепли экология тараўындағы көп тәреплеме бирге ислесиў және де
системалы ҳәм мазмунлы болып бармақта.
Онда регионаллық бирге ислесиўдиң институционаллық
тийкарларын беккемлеў айрықша орын ийеледи. Аралды қутқарыў халықаралық қоры
ҳәм оның структуралары әмелдеги механизмлери менен биргеликте экологиялық
мәселелер регион мәмлекетлери мәмлекет басшыларының мәсләҳәт ушырасыўлары,
сондай-ақ, тараўға байланыслы уйымлараралық ҳәм экспертлер сөйлесиўи шеңберинде
және де избе-из беккемлене баслады.
Регион мәмлекетлериниң климатқа байланыслы халықаралық
илажларда жеделлескенин атап өтиў керек. Атап айтқанда, БМШтың Климат өзгериўи
ҳаққындағы шекленген конвенциясы конференцияларында Орайлық Азия мәмлекетлери
"5 мәмлекет - 1 регион - 1 даўыс" принципи астында шығып сөйлеп,
климат машқалалары бойынша миллий тийкарғы мәселелер ҳәм улыўма регионаллық
көзқарасларды усыныс ете баслады.
Орайлық Азияның барлық мәмлекетлери Париж келисими шеңберинде
өзлериниң миллий көлемде белгиленген үлесин усынды ҳәм ыссыхана газлерин
азайтыў, "жасыл" энергетика қуўатлылығын арттырыў ҳәм
бейимлесиўшеңлик потенциалын беккемлеў бойынша өз алдына жоқары мақсетлерди
қойды.
Қазақстан 2060-жылға барып углерод нейтраллығына ерисиў жолын
белгилеп алды, Өзбекстан болса 2035-жылға барып жалпы ишки өним бирлигине туўра
келетуғын парник газлери эмиссиясын 2010-жылдағыға салыстырғанда 50 процентке
азайтыў бойынша мақсетли көрсеткишти арттырды. Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм
Түркменстан да глобал климат мақсетлерине ерисиў жолындағы умтылысларын
тастыйықлап, өз үлесин турақлы түрде жаңалап, арттырып келмекте.
Арал кризиси ақыбетлерине бейимлесиў мәселесинде сезилерли
нәтийжелерге ерисилди. Атап айтқанда, Арал теңизиниң қурыған ултанында
Өзбекстан тәрепинен соңғы 5 жыл ишинде 1,7 миллион гектар тоғайлық жаратылды,
Қазақстан тәрепинен 1 миллион гектардан аслам майданда тоғай-мелиорация
жумыслары алып барылды.
Регионаллық бирге ислесиўдиң және бир айқын нәтийжелеринен
бири Арқа Аралдағы жағдайдың жақсыланыўы болды. Сырдәря бойындағы суў
сақлағышлардың жумыс тәртибин муўапықластырыў ҳәм мәмлекетлераралық
келисимлерди орынлаў есабынан соңғы үш жылда теңизге 6 миллиард куб метрден
аслам суў келип түсти. Нәтийжеде Арқа Арал көлеми 2022-жылдың ақырындағы 18,9
миллиард куб метрден 2025-жылдың ақырында 23 миллиард куб метрге шекем артты.
Билим алмасыў ҳәм илимий экологиялық экспертиза тараўында да
регионаллық бирге ислесиў кеңеймекте. Өзбекстанда қоршаған орталық ҳәм климат
өзгериўин үйрениў бойынша Орайлық Азия университети шөлкемлестирилиўи усы бирге
ислесиў нәтийжеси болып, регионда усы бағдарда кадрлар таярлаў ҳәм биргеликтеги
изертлеўлерди раўажландырыў ушын жаңа майданға айланды.
Солай етип, Орайлық Азияда өз-ара регионаллық экологиялық
бирге ислесиў әсте-ақырын әмелий әҳмийетке ийе болмақта. Мәмлекетлер улыўма
халықаралық позицияны қәлиплестириў, муўапықластырыў механизмлерин
раўажландырыў, Аралбойы экосистемаларын тиклеў бойынша илажларды әмелге асырыў
ҳәм илимий билимлендириў базасын жаратыўда сезилерли нәтийжелерге еристи.
Соның менен бирге, региондағы экологиялық машқалалардың
көлеми муўапықластырыўды кеңейтиўди талап етпекте. Трансшегаралық суў
ресурсларын басқарыўда және де өз-ара муўапықластырылған қатнасларды ислеп
шығыў, климат өзгериўи ақыбетлерине бейимлесиў илажларын кеңейтиў, суў ҳәм экологиялық
инфраструктураға узақ мүддетли инвестиция тартыў, сондай-ақ, улыўма экспертлер
базасы ҳәм аналитикалық базаны беккемлеў тийкарғы ўазыйпалар сыпатында
қалмақта.
Кейинги жылларда Орайлық Азияның экологиялық күн тәртибиниң
нәтийжелилиги регион мәмлекетлери сиясий бирге ислесиў нәтийжелерин турақлы
биргеликтеги механизмлерге қаншелли избе-из трансформациялай алыўына байланыслы
болады.
Астана қаласында болып өтетуғын Регионаллық экологиялық
саммит климат мәселесинде улыўма мақсетке ерисиў жолындағы және бир қәдем
болады. Климат ҳәм экологиялық машқалаларды сапластырыў бойынша жаңа ҳәм әмелий
шешимлерди ислеп шығыў тек ғана Орайлық Азия мәмлекетлериниң глобал климат күн
тәртибине қосқан үлесин арттырыўға емес, ал экосистемалардың турақлылығын
тәмийинлеў, ҳаўа патасланыўын азайтыў, тәбийғый ресурсларды турақлы басқарыў
ҳәм тийкарғы түрде суў ҳәм энергетика ресурсларын басқарыў бойынша регионаллық
ўазыйпаларды шешиўге де хызмет етеди.
Эльвира
БИКЕЕВА,
Макроэкономикалық
ҳәм аймақлық
изертлеў институты жойбар басшысы