Өткен ҳәптеде пайтахтымыз турмысында тийкарғы ўақыяға айланған бесинши Ташкент халықаралық инвестиция форумы өз жумысын табыслы жуўмақлады. Ири экономикалық әнжуманның 16-18-июнь күнлери болып өткен тийкарғы илажлары тек ғана регионымыз емес, ал дүнья жүзиниң дыққат орайында турғанының гүўасы болдық. Себеби, әйне әнжуман себепли жәҳән қаржысы қатнасыўшыларының үлкен бөлеги — дүньяның 102 мәмлекетинен 4 мыңға шамалас сырт ел делегаты, 76 ҳүкимет ўәкили, белгили компаниялардың басшылары, ири инвесторлар, жәми он мыңнан аслам қатнасыўшы пайтахтымызда жыйналды. Халықаралық экономикалық форум процесслерин 41 мәмлекеттен келген 200 ден аслам журналист белсене сәўлелендирип барғаны да илаждың глобал майдандағы әҳмийетин көрсетпекте.

Көпшилик халықаралық әнжуман жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени, быйылғы қатнасыўшылардың саны ҳәм абырайы бираз жоқары екени, форум қатнасыўшылары 80 ге шамалас илажда қатнасқаны ҳаққында айтып атырған болса, басқалар усы әнжуманда қол қойылатуғын жаңа жойбарлар, инвестициялық келисимлердиң көлеми менен қызықпақта. Себеби форум себепли мәмлекетимизге бир қатар инвесторлар келди - қатнасыўшы компаниялар басқарыўындағы активлердиң улыўма көлеми дерлик 42 триллион долларға баҳаланбақта. Қалаберди, быйылғы юбилей сәнесинде қол қойылатуғын келисимлер де рекорд дәрежеге жетиўи болжаў етилген еди

Усыған жараса форумнан күтилгенлер әдеўир жоқары еди. Санлар болса буни әмелде көрсете алды. Үш күн даўам еткен өз-ара сөйлесиўлер, бизнес ушырасыўлар, анық жойбар ҳәм басламалар, инвесторлардың жоқары қызығыўшылығы анық әмелий шешимлерге айланды. Нәтийжеде V Ташкент халықаралық инвестициялық форумы жуўмағында улыўма баҳасы 43,1 миллиард долларлық 166 инвестициялық шәртнамаға қол қойылды.

— Бул санлар тек ғана үш күнлик исбилерменлик бағдарламасының жуўмағы емес, — дейди Өзбекстан инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов. — Олар және де әҳмийетлирек тенденцияны сәўлелендиреди. Яғный Өзбекстанға халықаралық қызығыўшылық анық инвестициялық қарарлар, ири тармақ жойбарлары, узақ мүддетли бирге ислесиўге айланып бармақта. Елимиздиң инвестициялық тартымлылығы артып, сырт елли исбилерменлерди шақырып атырғаны форумның быйылғы илажларында айқын көринди. Қатнасыўшылар санынан баслап, ерисилген келисимлерге шекем санлар бир неше есеге артып, барлық рекордлар жаңаланғанының гүўасы болдық. Бул форум Өзбекстанның инвестициялық имканиятларын көрсететуғын майданнан ири халықаралық исбилерменлик платформасына айланғанын көрсетеди. Бүгин сырт елли инвесторлар мине усы платформада жойбарлар менен танысып, узақ мүддетли бирге ислесиў шәртнамаларына қол қойыўға умтылмақта.

Әдетте исбилерменлер қандай да бир жойбарға әйтеўир инвестиция киргизбейди. Инвесторды, бәринен бурын, қәўипсизлик орталығы, қолайлы шараят, экономикалық имканиятлар, қалаберсе, перспективалы жойбар қызықтырады. Ташкент халықаралық инвестиция форумы болса оларға әне усыларды усыныс етпекте. Сырт елли мийманлар Өзбекстанның инвестициялық потенциалы менен танысыўы, бирге ислесиў келисимлери ушын өз-ара сөйлесиў майданын жаратып бермекте. Усы платформаның өзинде-ақ бир қатар жойбарларға қол қойылып, келисимлерге ерисилип атырғанының себеби сол.

Жаңа халықаралық аэропорт: инвестор ким?

Жақын жылларда Ташкент қаласында Германияның белгили Volkswagen автомобильлерин ири узелли жыйнаў басланады. Бул ири жойбарға V Ташкент халықаралық инвестиция форумы шеңберинде старт берилди. Келисимге Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Германия Президенти Франк-Валтер Штайнмаердиң қатнасыўында қол қойылды. Жойбарлар арасында Әндижан ўәлаятында логистика орайын қурыў, суйық турмыслық жуўыў қуралларын ислеп шығарыў, темир жол тараўы ушын қәнигелер таярлаў ҳәм заманагөй имтихан орайларын ашыў сыяқлылар да бар. Бул басламалар еки мәмлекет арасындағы экономикалық шерикликти буннан былай да беккемлеў менен бирге, аймақларда санаат кооперациясын кеңейтиў, инфраструктураны раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыўға хызмет етеди.

Жойбарлардың көпшилиги жеке меншик тараў ўәкиллери менен әмелге асырылып атырғанын көриў мүмкин. Себеби бүгин жәҳән әмелиятында жеке меншик бизнес мәмлекетлер экономикасының әҳмийетли таянышына айланған. Олардың мәмлекет пенен бирге ислесиўи болса тараўлардың раўажланыўын жеделлестирип атыр.

Ташкенттеги инвестициялық форумда қол қойылған ири шәртнамалардың бири де мәмлекетлик ҳәм жеке меншик сектор бирге ислесиўинде әмелге асырылады. Гәп Жаңа Ташкент халықаралық аэропортын қурыў ҳәм оны эксплуатациялаў бойынша ерисилген келисим ҳаққында бармақта. Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртнамасы “Uzbekistan Airports” АЖ ҳәм Саудия Арабстанының “Vision International Investment” компаниясы арасында дүзилди. Усы келисимге муўапық, жаңа аэропорт 35 жыл мүддетке мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлери тийкарында сыртқы басқарыўға берилип, жойбар Саудия Арабстаны, Япония ҳәм Корея Республикасының жетекши компаниялары менен биргеликте әмелге асырылады.

Мағлыўматларға бола, жаңа аэропорт комплекси 2026-2030-жыллар даўамында Ташкент ўәлаятының Ўртачирчиқ ҳәм Қуйичирчиқ районлары аймағындағы 1 310 гектар майданда қурылып, жойбар шеңберинде дәслепки басқышта дерлик 3 миллиард доллар сырт ел инвестициясы тартылыўы режелестирилген. Жойбар шеңберинде әмелдеги аэропорт терминалынан 4 есе үлкен болған жаңа заманагөй жолаўшы терминалы бой тиклейди ҳәм дәслепки басқышта жылына 20 миллион жолаўшыға хызмет көрсетиў имканиятына ийе болады, келешекте болса бул көрсеткиш 46 миллионға жетеди. Жолаўшылар ағымын тез ҳәм қолайлы тәризде бағдарлаў мақсетинде жәми 40 тан аслам телескоплық трап ҳәм 160 тан аслам ҳаўа кемеси туратуғын орын шөлкемлестирилиўи нәзерде тутылған.

Халықаралық форум тек ғана дүньяның ҳәр қыйлы ноқатындағы мине усындай ири инвесторларды емес, ал олардың идеялары, усыныс ҳәм басламаларын да бирлестирди. Әнжуманның ҳәр бир күнинде белгили бағдардағы бизнес илажлар, сөйлесиў ҳәм сессиялардан тысқары Миллий көргизбе, онға шамалас мәмлекет исбилерменлери менен өз алдына бизнес форумлар шөлкемлестирилгени анық усынысларды алға қойып, инвестициялық келисимлерге ерисиўде әйне пайдалы болды.

Форум шеңбериндеги усындай бизнес ушырасыўлардың биринде Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасында әҳмийетли бирге ислесиў ҳүжжетлерине қол қойылды. Әзербайжанның “AzerGold” компаниясы менен геологиялық излеў ҳәм таў-кән санаатын раўажландырыў, “NEQSOL Holding” пенен минерал ресурсларды өзлестириў ҳәм инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша ерисилген келисимлер солардың қатарына киреди.

Қубла Кореяның “ROBOTIS” компаниясы менен қол қойылған келисим көлеми де бираз үлкен. Заманагөй жойбар шеңберинде пайтахтымыздағы "Жаңа әўлад" арнаўлы санаат зонасында гуманид роботлар ҳәм олардың комплектлеўши бөлеклерин ислеп шығаратуғын завод қурылысына старт берилди.

— Компаниямыз робототехника тараўында дүньядағы жетекшилерден бири, — дейди “ROBOTIS” президенти Ким Бёнг Су. — Компанияның улыўма активлериниң көлеми 2,5 миллиард доллар болып, технологияларымыздан Amazon, Microsoft, Apple, NASA, Google, Samsung, BMW сыяқлы дүньяға белгили гигантлар кеңнен пайдаланып келмекте. Бул стратегиялық жойбар ҳәм өз-ара бирге ислесиў Өзбекстан санаатын жоқары технологиялар басқышына алып шығатуғынына исенемиз. Жойбар шеңберинде мыңнан аслам жаңа жумыс орны жаратылыўы, алдынғы халықаралық тәжирийбе трансферлениўи күтилмекте. Бул мәмлекеттиң Орайлық Азияда робототехника бойынша жетекши орайға айланыўында да беккем тийкар болып хызмет етеди.

Бул жуўмақлаўшы санлар емес

V Ташкент халықаралық форумының быйылғы бағдарламалары усындай келисимлерге бай болды. Форумның үш күнлик илажларынан кейин сырт елли мийманлар әдеттегидей мәмлекетимиз аймақларының инвестициялық имканиятлары менен танысып, бир қатар санаат кәрханаларында болды. Түрли тараўлар кесиминде ушырасыўлар шөлкемлестирилип, жаңа келисимлерге қол қойылды.

"Өзбекгидроэнерго" АЖ кәрханасы ушын форум әмелий нәтийжелерге бай болғаны айтылмақта. Бир қатар мәмлекетлердиң инвесторлары усы бағдардағы жойбарларға инвестиция киргизетуғын болды. Соның ишинде, АҚШтың “77 Construction USA Corp.” компаниясы менен Пском ГЭС жойбарында қатнасыў бойынша келисимге ерисилген болса, Жәҳән банки топары Ҳожикент ГЭС жойбарын раўажландырыў бойынша жаңа шериклерден бирине айланды.

Сондай-ақ, Хорватияның “Koncar” ҳәм “In Foro Viridi” компаниялары менен киши ҳәм орта гидроэлектр станцияларының жойбарларын әмелге асырыў, Аўғанстан тәрепи менен гидроэнергетика үскенелерин жеткерип бериў ҳәм жойбарлаў тараўларында бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша келисимлерге ерисилди.

Сырт елли инвесторларды экономикалық тараўлар, аўыл хожалығы, санаат тармақлары, санластырыў, жасалма интеллект сыяқлы заманагөй бағдарлардағы жойбарлар көбирек қызықтырып атырғанын көриў мүмкин. Әсиресе, "жасыл" энергетика әсиримиздиң ең раўажланып атырған тараўларынан бири болмақта. Өзбекстан болса соңғы жылларда бул бағдарда революциялық нәтийжелерге ерисип, Орайлық Азиядағы жетекшилерден бирине айланғанын дүнья мәмлекетлери тән алмақта. Ири инвесторларды елимизге шақырып атырған себеп те соль усы бағдарға дүньяның гигант компаниялары инвестиция киргизбекте. Ҳәттеки, мәмлекетимизде инвестициялық жойбарлар ҳаққында сөз болғанда, биринши гезекте, көз алдымызға энергетика тармағы келеди.

— Өзбекстанда 2030-жылға шекем электр энергиясын ислеп шығарыўда қайта тиклениўши энергия дәреклериниң үлесин 40 проценттен арттырыў бойынша анық режелер белгиленген, — дейди "Өзбекгидроэнерго" АЖ басқармасы баслығының биринши орынбасары Азимжон Аҳмаджонов. — Бул мақсетке ерисиў ушын системалы, жедел ҳәрекетлер исленбекте. Ҳәзирги процесслерде болса сырт ел инвестициясының көлеми барған сайын артып атырғаны, сырт еллилердиң тараўға қызығыўшылығы жоқары екени айрықша әҳмийетке ийе. Атап айтқанда, V Ташкент халықаралық инвестиция форумында энергетика тараўында жумыс алып барып атырған 50 ден аслам сырт ел компаниялары ҳәм инвестор қатнасты.

Гидроэнергетика қайта тиклениўши энергия дәреклери арасында ең турақлы ҳәм экологиялық таза бағдарлардан бири. Бүгин бар гидроэнергетика қуўатлықларын модернизациялаў, жаңа гидроэлектр станцияларын қурыў ҳәм энергияны нәтийжели сақлаў имканиятын беретуғын гидроаккумуляция жойбарларын әмелге асырыў бойынша кең көлемли жумыслар исленбекте. Форум шеңбериндеги сөйлесиўлер, алға қойылған жойбарлар әмелий нәтийжелерге айланғаны қуўанышлы. Қол қойылған келисимлер ҳәр қыйлы аймақларда әмелге асырылыўы ҳәм турақлы және экологиялық таза энергетика системасын раўажландырыўға хызмет етиўи менен әҳмийетли.

Ҳәр жылы Ташкент халықаралық инвестициялық форумында елимиз аймақларынан ўәкиллер белсене қатнасып, жаңа жойбарларды усыныс ететуғыны соннан. Бул рет те үш күн даўам еткен форумның пайтахтымыздағы CaEx көргизбелер майданында шөлкемлестирилген илажларында ҳәр бир ўәлаят ушын өз алдына мүйеш ажыратылып, заманагөй стендлер жәрдеминде арнаўлы презентациялар өткерилди. Бул да инвесторларда үлкен қызығыўшылық оятқанының гүўасы болдық. Бөлимлерге ажыратылған презентация майданларында аймақлар ҳәкимлери басшылығындағы исбилерменлер қатнасып, сырт елли исбилерменлер менен тиккелей сөйлесиўлер, өз алдына сессиялар шөлкемлестирилгени де әмелий нәтийжелер көлемин арттырды.

Форум шеңберинде қол қойылған келисимлердиң көпшилиги мәмлекетимиздиң ҳәр қыйлы аймақларында әмелге асырылады. Көрсетилген санлар анық ерисилген келисимлер көлемин аңлатады. Бирақ додалаў процесинде болған жойбарлар да көп. Олар бойынша жыл даўамында сөйлесиўлер алып барылып, және онлаған шәртнамаларға қол қойылыўы нәзерде тутылған.

 Ирода ТОШМАТОВА,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы