"Раўажланыў кесилиспелери: регионымыздың өз-ара байланыслы келешегин алға қойыў" сүрени астында өткерилип атырған форумда дүньяның 100 ден аслам мәмлекетинен 4 мыңнан аслам эксперт, сырт ел ҳүкиметлери, халықаралық финанс шөлкемлери, жетекши банк ҳәм компаниялардың ўәкиллери қатнаспақта.
Күн тәртибинен санлы ҳәм "жасыл" трансформация, климат турақлылығы, өндирис ҳәм жеткерип бериў шынжырларын раўажландырыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм басқа да мәселелер орын алған.
Мәмлекетимиз басшысы қутлықлаў сөзи менен шығып, бундай абырайлы әнжуманның елимизде өткерилип атырғаны Өзбекстан ушын мақтаныш екенин атап өтти.
Президентимиз уллы тарийх ҳәм абадан келешектиң көриниси болған Жаңа Өзбекстан халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелерди додалаў ушын үлкен майданға айланып баратырғанын атап өтти.
Буннан соң Өзбекстан жетекшиси мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжелерине ҳәр тәреплеме тоқтап өтти. Кейинги жыллары экономикаға 150 миллиард доллар сырт ел инвестициялары кирип келди, мыңлаған заманагөй кәрханалар иске қосылды. Усы дәўирде товар ҳәм хызметлер экспорты 3 есеге, экономика көлеми 50 миллиард доллардан 147 миллиард долларға артқан.
2020-жылдан баслап Өзбекстан суверен кредит рейтинглерин избе-из жақсылап бармақта. Быйылғы Экономикалық еркинлик индексинде мәмлекетимиз 14 текшеге көтерилип, биринши мәрте "үлкен емес" экономикаға ийе мәмлекетлер қатарына кирди.
Глобаллық турақсызлық шараятында Өзбекстан экономикасы биринши шерек жуўмақлары бойынша 8,7 процентке өсиўге еристи.
- Ең әҳмийетлиси, реформалар процесинде ҳәр бир шаңарақтың, ҳәр бир инсанның турмысын жақсылаўға тийкарғы итибар қаратпақтамыз. Бул дәўирде 8 миллион 500 мың жәрдемге мүтәж халықтың дәраматларын арттырып, кәмбағаллықты дерлик 35 проценттен ҳәзирги 5,8 процентке азайтыўға еристик,-деди Президент.
Өткен он жылда Өзбекстан Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде ең үлкен унамлы өзгерислерге ерискен бес мәмлекет қатарына кирди.
2030-жылға шекем Өзбекстанның барлық тармақларын технологиялық ҳәм инновациялық өсиў модельине өткериў, экономика көлемин 240 миллиард доллардан арттырыў, дәраматы орташадан жоқары болған мәмлекетлер қатарына кириў ҳәм кәмбағаллықты пүткиллей сапластырыў мақсет етип қойылған.
Президентимиз Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли жаңаланыўларда Азия раўажланыў банки ҳәм басқа да халықаралық финанс институтларының орнын айрықша атап өтти. Банк пенен әмелге асырылған ҳәм әмелге асырылып атырған жойбарлардың биргеликтеги портфельи дерлик 16 миллиард долларға жетти.
Пурсаттан пайдаланып, мәмлекетимиз басшысы Азия раўажланыў банкиниң президенти, банк басқарыўшысы Масато Кандеге, Жәҳән банки, Халықаралық валюта қоры, Ислам раўажланыў банки, Азия инфраструктуралық инвестициялар банки, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки ҳәм басқа да көп тәреплеме қаржы шөлкемлериниң басшыларына жақыннан бирге ислескени ушын миннетдаршылық билдирди.
Президентимиз дүнья экономикасында жүз берип атырған қурамалы процесслер ҳәм жаңа технологиялардың жедел раўажланыўы ҳаққында сөз етип, банк пенен биргеликте турақлы раўажланыўды тәмийинлеў ушын жаңа механизмлер ҳәм тәсиршең көзқарасларды енгизиў зәрүр екенлигин атап өтти.
Санлы трансформация ҳәм жасалма интеллектке айрықша итибар қаратылды. ЖИ Хабын жаратыў басланды, мағлыўматларды қайта ислеў орайларын көбейтиў, суперкомпьютерлерди иске қосыў, әҳмийетли тармақларды заманагөй форматқа өткериў ушын "ЖИ тараўында бес миллион жетекши" таярлаў бағдарламалары әмелге асырылмақта.
- ЖИтиң ашық модельлеринен халық ең көп талап етип атырған билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, суў хожалығы, экология ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўларында да пайдаланыў зәрүр, - деди Президент.
Азия раўажланыў банки қәўендерлигинде раўажланып атырған мәмлекетлерде жасалма интеллектти кеңейтиў бойынша арнаўлы бағдарлама ислеп шығыў усыныс етилди. Банктиң "Азия ушын санлы магистраль" басламасына қосылып, Ташкентте регионаллық муўапықластырыў орайын ашыўға келисип алынды.
"Жасыл" энергетиканы раўажландырыў тийкарғы бағдар сыпатында көрсетип өтилди. Ҳәзирги ўақытта дүнья компаниялары менен биргеликте 5 мың 600 мегаваттлы қуўатлықлар иске қосылған болып, 2030-жылға шекем қайта тиклениўши дәреклердиң энергия ислеп шығарыўдағы үлесин 54 процентке жеткериў режелестирилген.
Таза энергия экспортын кеңейтиў мақсетинде "Орайлық Азия - Европа" "жасыл" энергетика коридорын жаратыўда Азия раўажланыў банкиниң жәрдеми миннетдаршылық пенен атап өтилди. Регион мәмлекетлери Банк пенен биргеликте жақын ўақыт ишинде бул "энергетика артериясы" жойбарын әмелге асырыўға кирисетуғынына үмит билдирилди.
Транспорт системаларының өз-ара байланыслылығын ҳәм логистика жолларының турақлылығын тәмийинлеў гезектеги әҳмийетли ўазыйпа сыпатында көрсетип өтилди.
Халықаралық логистикадағы қәўип-қәтерлерди есапқа алған ҳалда, "Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан" темир жолының қурылысы айрықша әҳмийетке ийе. Жойбар жүклерди жеткерип бериў мүддетин 10 күнге шекем қысқартыў ҳәм пүткил регионның транзит потенциалын сезилерли дәрежеде арттырыў имканиятын береди.
Банктиң Орайлық Азияда регионаллық экономикалық бирге ислесиў бағдарламасы шеңберинде "Санлы бажыхана ҳәм логистика альянсын" шөлкемлестириў усыныс етилди.
Әҳмийетли пайдалы қазылмаларды өзлестириў тараўындағы бирге ислесиў потенциалы айрықша атап өтилди. Президентимиз Өзбекстанның мақсети тек ғана пайдалы қазылмаларды қазып алыў емес, ал оларды терең қайта ислеў арқалы жоқары қосымша қунлы өндирислерди шөлкемлестириў екенин атап өтти.
Мәмлекетимиз жетекшиси жоқары қосымша қунлы жойбарларды алға қойыў ушын Азия раўажланыў банкиниң "Аўыр пайдалы қазылмалардан - өндириске шекем" бағдарламасына қосылыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Соның менен бир қатарда, климат өзгериўине қарсы гүресиў ең әҳмийетли ўазыйпа сыпатында көрсетип өтилди. Арал теңизиниң қурыған ултанында қорғаў тоғайлықларын жаратыў бойынша миллий ҳәрекетлерди толықтыратуғын "Орайлық Азияның жасыл белбеўи" регионаллық жойбары усыныс етилди.
Регионаллық бирге ислесиў шеңберинде "Орайлық Азия туристлик шеңберин" шөлкемлестириў басламасы алға қойылды. Жойбар ўәлаяттың сийрек ушырасатуғын мәдений, зыярат, гастрономиялық, этнографиялық ҳәм басқа да объектлерин саяхатшылар ушын бирден-бир мәканға бирлестириўге қаратылған.
Атап өтилген бағдарламалық басламаларды системалы алға қойыў ушын жойбарларды қаржылай тәмийинлеў, соның ишинде, жеке меншик капиталды тартыў бойынша Азия раўажланыў банкиниң кең көлемли қуралларынан толық пайдаланыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен Аймақлық жойбарларды қаржыландырыўдың инновациялық платформасын қәлиплестириў усыныс етилди.
Мәмлекетимиз басшысы бүгинги күнде дүнья экономикасында жүз берип атырған кескин өзгерислер шараятында үлкен регионның социаллық-экономикалық турақлылығын тәмийинлеўде Азия раўажланыў банкиниң орны және де әҳмийетли болып атырғанын атап өтти.
Сөзиниң жуўмағында Президентимиз Самарқанд платформасында алға қойылған әҳмийетли усыныс ҳәм басламалар үлкен әмелий нәтийже беретуғынына, ҳәр бир келисим анық ҳәм пайдалы жойбарға айланатуғынына исеним билдирди.