Мәселен, бир ўақытлары жаслардың өз бизнесине ийе болыўы орынланбайтуғын әрман сыяқлы көринетуғын еди. Бүгин елимизде жаратылып атырған кең имканиятлар себепли бул турмыслық ҳақыйқатқа айланды. Мәселен, ҳәзир Қарақалпақстанда 16 мың 653 жас исбилермен бар. Олар аймақтың социаллық-экономикалық раўажланыўына мүнәсип үлес қоспақта.

Олардың жетискенликлери тийкарында болса аймақ жасларының киши бизнес пенен шуғылланыўында шөлкемлестирилген системалы илажлар үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Өз орнында қарақалпақстанлы жаслар басқа теңлеслерин де жумыслы етпекте. Бул бағдарда оларға берилип атырған жеңиллетилген кредитлер ҳәм үскенелер әҳмийетли орын ийелемекте.

Нөкис қаласындағы 1-политехникумда үй шараятында киши өндирис ҳәм хызмет көрсетиўди раўажландырыў мақсетинде заманагөй үскенелер менен тәмийинленген устахана шөлкемлестирилди. Ҳәзир бул устаханада үй бизнесинде пайдаланыў мүмкин болған инкубатор, газоблок, шлакоблок, қумшекер, макарон ислеп шығарыў үскенелери сыяқлы 100 ге шамалас мини үскене ислеп шығарылмақта. Әмелий жумыслардың нәтийжесинде усы жылдың басынан берли 617 жигит-қыз 817 заманагөй үскене менен тәмийинленди.

Усы тәризде жаслардың исбилерменлик жумысын баслаўы ушын қолайлы шараят жаратылды. Қуўанышлы тәрепи, олар және 450 заманласы ушын жаңа жумыс орынларын да ашқан. Бул мақсетлер ушын болса "Жаслар дәптери" қоры ҳәм банк кредитлери есабынан 7,1 миллиард сум қаратылды.

Буннан тысқары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанында шөлкемлестирилген фонд тәрепинен жаслар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаўға ажыратылып атырған ссудалар, сондай-ақ, турақлы шөлкемлестирилип атырған исбилерменлик ҳәм мийнет ярмаркалары бул бағдардағы жумыслардың раўажланыўы ушын кең имканиятлар жаратпақта. Бундай ийгиликли ҳәрекетлер ҳәм жаратылып атырған имканиятлар жаслардың ертеңги күнге исенимин және де беккемлемекте.

Мурат АТАМУРАТОВ,

Қарақалпақстан Республикасы

Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы