Бесинши Ташкент халықаралық инвестициялық форумы тек ғана қатнасыўшылар саны емес, ал қарарлар көлеми ҳәм келешектеги жойбарлардың көлеми менен де тарийхқа кирди. Форумда 100 ден аслам мәмлекеттен 4000 нан аслам қатнасыўшы қатнасты. Бул көрсеткиш илаждың Орайлық Азиядағы ең ири инвестициялық платформаға айланғанын көрсетеди.

Ең тийкарғысы қатнасыўшылардың улыўма экономикалық потенциалы болып есапланады. Форумда қатнасқан компаниялар ҳәм инвестициялық фондлар 42 миллиард АҚШ долларына шамалас финанслық ҳәм басқа да активлерди тартыўға келисти. Бул Өзбекстан жалпы ишки өниминиң 38 процентине тең. Тәбийий, үлкен капитал экономикалық өсиў пәтин кескин арттырыў имканиятын береди. Нәтийжеде мәмлекетимиз экономикасының жоқары технологияға тийкарланған өндирис ҳәм хызметлер көрсетиў системасы турақлы раўажланады, экспорт потенциалы артады.

Форум тек ғана экономикалық емес, ал сиясий жақтан да үлкен әҳмийетке ийе болды. Илаждың ашылыў мәресиминде 62 халықаралық делегация ўәкиллериниң қатнасқаны, 8 мәмлекеттиң ҳүкимет басшылары шығып сөйлегени көпшиликтиң абырайын көрсетти. Форумда Жәҳән банки, Халықаралық валюта қоры, ЕТРБ, БРИКС, Жаңа раўажланыў банки сыяқлы абырайлы финанс институтларының басшылары да қатнасты.

Дүнья инвесторларының Өзбекстан экономикасына қызығыўшылығы бийкарға емес. Буның тийкарында елимиздиң экономикасы жедел раўажланып атырғаны, тартылған инвестиция нәтийже берип атырғанын көрсетип турыпты. Өзбекстанның жалпы ишки өними өткен жылы 7,7 процентке өсти ҳәм 147 миллиард доллардан асты. Бул көрсеткиш Европа ҳәм Орайлық Азия регионындағы ең жоқары өсиў пәтлеринен бири есапланады.

Соның менен бирге, форум күн тәртибинде көрип шығылған тийкарғы бағдарлар пүткил Орайлық Азия мәмлекетлериниң мәплерине сәйкес келетуғынын айрықша атап өтиў керек.

Форумда Президентимиз мәмлекетимиз экономикасын раўажландырыўдың алты стратегиялық тийкарғы бағдарын белгилеп берди. Биргеликте капитал базарын раўажландырыў, "жасыл" экономикаға өтиўди және де жеделлестириў арқалы зыянлы углеродлардың тәсирин азайтыў, жасалма интеллектти социаллық-экономикалық процесслерге кеңнен енгизиў, геологиялық ресурсларды өзлестириўдиң жаңаша механизмин иске қосыў, санаат кооперациясын тереңлестириў имканиятларынан кеңнен пайдаланыў ҳәм инвесторлардың ҳуқықын қорғаўдың нызамшылық тийкарларын және де күшейтиў усылардың қатарына киреди.

Кейинги бес жылда мәмлекетимизге 123 миллиард доллар инвестиция тартылды. Жалпы инвестициялардың көлеми болса 150 миллиард доллардан артты. Бул көрсеткишлер Өзбекстанға халықаралық инвесторлардың қызығыўшылығы жылдан-жылға артып баратырғанынан дәрек береди.

Форум шеңберинде қол қойылған келисимлер онлаған ири жойбарларды әмелге асырыўды нәзерде тутады. Атап айтқанда, Жаңа Ташкент халықаралық аэропортын қурыў бойынша мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртнамасына қол қойылыўы үлкен әҳмийетке ийе. Соның ишинде, бул халықаралық авиақатнаўлардың көлемин кескин арттырып, мәмлекетимизде жоқары технологиялы өнимлерди экспорт етиўдиң транспорт имканиятларын жақсылаўға хызмет етеди. Бул келисим бойынша 1310 гектар майдандағы аэропорт комплекси 2030-жылдың ақырына шекем иске қосылады. Ол жылына 20 миллион жолаўшы ҳәм 300 мың тонна жүк тасыў қуўатлылығына ийе болады. Еки 4 километрлик ушыў-қоныў жолы, 208 мың квадрат метр жолаўшы терминалы ҳәм 98 самолёт тоқтаў орны қурылады.

Халықаралық форумда энергетика темасы да айрықша итибар орайында болды. Өзбекстан 2030-жылға шекем электр энергиясын ислеп шығарыўда қайта тикленетуғын энергия үлесин 54 процентке жеткериўди мақсет еткен. Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде қуяш ҳәм самал электр станцияларының улыўма қуўатлылығы 4 гигаваттан артқан. Және 19 гигаваттлы қуўатлық жойбарлары ислеп шығылмақта.

Бесинши Ташкент халықаралық инвестициялық форумы экономикалық дипломатияның жаңа басқышын баслап берди. Форум шеңберинде 79 бизнес ушырасыўы өткерилди. Илажды сәўлелендириў ушын 41 мәмлекеттен журналистлер, 123 ғалаба хабар қуралының ўәкиллери аккредитациядан өтти. Бул көрсеткиш өткен жылдағыға салыстырғанда еки есеге көп.

Әнжуман нәтийжелери Өзбекстан экономикасында бир қатар сапа өзгерислерин әмелге асырыўға хызмет етеди.

Бириншиден, Ташкент халықаралық финанс орайы шөлкемлестириледи. 2076 жылға шекем салық жеңилликлери ҳәм Common Law тийкарындағы арнаўлы ҳуқықый режим енгизиледи.

Екиншиден, альтернатив инвестиция фондлары ҳаққындағы нызам қабыл етилмекте. Бул жеке меншик инвестиция ҳәм венчур капитал ушын ҳуқықый тийкар жаратып, сырт ел инвесторлары ушын ҳуқықый кепилликлер береди.

Улыўма, форум жуўмағы бойынша онлаған миллиард долларлық инвестициялық келисимлерге ерисилди. Бул жаңадан-жаңа өндирис қуўатлықлары, бир неше онлаған мың жаңа жумыс орынлары, жоқары экспорт потенциалы, нәтийжеде, халықтың абаданлығы артыўы, бюджетимизге турақлы салық түсимлери дегени.

Рустам ҲАСАНОВ,

Макроэкономикалық ҳәм аймақлық изертлеўлер институты

бөлим баслығы, экономика илимлериниң докторы, профессор