Чемпионатқа елимиздиң барлық аймақларынан ең күшли палўанлар қатнасып, жеңимпазлық ушын өз-ара беллести.

Оғада қызықлы ҳәм кескин өткен беллесиўлерде республикамыз сайланды командасы ағзаларынан Нөкис районы спорт мектеби тәрбияланыўшысы Ферида Бердимуратова өз салмақ категориясында барлық қарсыласларын жеңип шығып, алтын медаль ийесине айланды.

Ал,  Нөкис районы спорт мектеби тәрбияланыўшысы Ақнийет Ахметоваға болса, гүмис, нөкисли Нурмухаммед Жумабековқа қола медаль несип етти.

Чемпионат жеңимпазы Ферида Бердимуратова болса, 17-22-май күнлери Қазақстан Республикасында болып өтетуғын Азия чемпионатына қатнасыў ушын жолламаны қолға киргизиўге еристи.

Жас палўанларымызды бул жарысқа тренерлерден Ислам Мамбетов, Саламат Аташов ҳәм Манас Бекбаўлиевлер таярлады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.