Илажда дөретиўши зыялылар, жәмийетлик ғайраткерлер, ғалаба хабар
қуралларының ўәкиллери, кең жәмийетшилик қатнасты.
«Янги Ўзбекистон» газетасы редакциясының дөретиўшилик жәмәәти
тәрепинен таярланған китап Президент Шавкат Мирзиёевтиң 2025-жыл даўамындағы
көп қырлы мәмлекетлик ҳәм сиясий жумысын өзинде жәмлеген кең көлемли топлам
болып есапланады.
Баспада
мәмлекетлик басқарыў, халықаралық дипломатия, экономикалық реформалар, экологиялық
турақлылық, социаллық қорғаў, илим ҳәм билимлендириў тараўларында әмелге
асырылған жумыслар фото көринислер, ҳүжжетли дереклер ҳәм аналитикалық шолыўлар
тийкарында сәўлелендирилген.
Презентацияда
шығып сөйлегенлер китапта Жаңа Өзбекстанның раўажланыўы, мәмлекетимиз
басшысының халық пенен ушырасыўлары, аймақларда әмелге асырылып атырған
өзгерислер, мәмлекеттиң халықаралық майдандағы абырайын арттырыўға қаратылған
басламалар избе-из сәўлеленгени атап өтилди.
Журналистлер
аўқамының баслығы Шуҳрат Ориповтың атап өткениндей, бул китап мәмлекетимиз
басшысының халқымызды ойлап жасағаны, мәмлекетимиздиң раўажланыўы ҳәм инсан
қәдири жолындағы пидайы хызметлерин көркем-публицистикалық руўхта ашып береди.
- Шығарманы
оқыған оқыўшы сиясий процесслер менен танысып ғана қалмай, мәмлекетимиздиң
раўажланыўы жолындағы уллы мийнетти, исенимли ҳәм жуўапкершиликли жумысты
сезеди, - дейди Шуҳрат Орипов.
"Янги
Ўзбекистон" ҳәм "Правда Востока" газеталары редакциясының бас
редакторы Салим Дониёров китапты жаратыў идеясы китапқумарлар ҳәм кең жәмийетшиликтиң
мүрәжатларына тийкарланғанын атап өтти.
— Бул
идеяны кең жәмийетшилик идеясы десек дурыс болады. Оқыўшылар, китапқумарлар ҳәм
жазылыўшылардың тынымсыз мүрәжатларына жуўап ретинде бундай китапларды әлбетте
жыйнаўымыз керек екенлигин түсиндик, — деди Салим Дониёров.
Презентацияда
атап өтилгениндей, 2025-жыл мәмлекетимиздиң социаллық-экономикалық раўажланыўында
бурылыс жылы болды. Атап айтқанда, жалпы ишки өним тарийхта биринши мәрте 145
миллиард доллар шегарасынан өтти, алтын-валюта резерви 60 миллиард доллардан
артты.
Китапта тек ғана
санлар ҳәм статистикалық мағлыўматлар емес, ал олардың артындағы орынлар,
избе-из реформалар, орынлардағы машқалалардың шешимлери ҳәм мәмлекетлик
басқарыўдағы жаңаша көзқараслар да аналитикалық тийкарда сәўлелендирилген.
Илаж
қатнасыўшылары “Журт қайғысында 365
күн” китабы сиясаттаныўшылар, тарийхшылар, аналитиклер, журналистлер,
студентлер ҳәм жаслар, Жаңа Өзбекстандағы реформалар процесин үйрениўге
қызығатуғын китапқумар кең жәмийетшилик ушын оғада әҳмийетли дәрек екенин атап
өтти.