Режеге бола, нотариуслар тәрепинен неке шәртнамасы нотариал уйым имаратында, видеоконференцбайланыс арқалы ямаса мүрәжат етиўшилердиң қәлеўине бола көшпели тәртипте рәсмийлестириледи.
Мүрәжат етиўши шәртнаманы рәсмийлестириў ушын нотариал уйымға өзи келип мүрәжат етеди ямаса БИМХП (my.gov.uz) ямаса “E-notarius.uz” мәлимлеме порталы арқалы дизимнен өтеди.
Нотариус мүрәжат етиўши (лер) ниң шахсына анықлық киргизеди.
Шәртнаманы тастыйықлаўда нотариус төмендегилерди анықлайды:
тәреплердиң неке жасына жеткенлигин;
тәреплер ортасында неке дүзилген яки дүзилмегенлигин;
тәреплерден бириниң басқа шахс пенен некеси дизимге алынбағанлығы;
бурын шәртнама дүзилмегенлигин.
Төлемлер әмелге асырылып, шәртнама жойбары толық таяр болғаннан соң, тәреплер шәртнамаға қол қойыў ушын нотариус алдына бир ўақытта мирәт етиледи.
Шәртнаманың барлық нусқаларын тәреплер фамилиясы, аты ҳәм әкесиниң аты толық жазылып нотариус қатнасыўында жеке өзи қол қояды.