Таңлаўға мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан усы таңлаўдың аймақлық басқышында жеңимпаз болған командалар, соның ишинде республикамыз атынан Нөкис қаласындағы 33-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшылары қатнасты.
Қызықлы өткен таңлаў шәртлериниң жуўмағында Ташкент қаласының «Табиат ҳимоячилари» командасы биринши, Хоразм ўәлаятының «Ёш экологлар» командасы екинши ҳәм Қарақалпақстан Республикасының «Тәбият дослары» командасы үшинши орынды ийелеўге миясар болды.
-Мектебимиз оқыўшыларының бул табысы барлық педагогикалық жәмәәтимизди қуўанышқа бөледи,-дейди 33-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң директоры Салтанат Иниятова.- Таңлаў оқыўшылардың экологияға деген қызығыўшылығын арттырып, олардың талантларын жүзеге шығарыўына кең имканият жаратты. Алдағы ўақытлары буннан да жоқары жетискенликлерге ерисе береди, деп халқымызды исендиремиз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.