Материаллық емес мәдений мийрас үлгилерин дизимге киргизиў ямаса оннан шығарыў менен байланыслы мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў тәртиби белгиленди

    28 сәуір 2025 1414

    Ҳүкимет қарары (256-сан, 24.04.2025 ж.) менен "Материаллық емес мәдений мийрас үлгилерин дизимге киргизиў ямаса оннан шығарыў менен байланыслы мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў"диң ҳәкимшилик регламенти тастыйықланды.

    Усы Регламент физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге БИМХП (my.gov.uz) ҳәм Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы материаллық емес мәдений мийрас үлгилерин Материаллық емес мәдений мийрас үлгилериниң миллий ҳәм жергиликли дизимлерине киргизиў және олардан шығарыў, сондай-ақ, олардың усы дизимлерге киргизилген ямаса киргизилмегенлиги ҳаққында мағлыўматлар алыўға байланыслы мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў тәртибин белгилейди.

    Мәденият министрлиги жанындағы Мәденияттаныў ҳәм материаллық емес мәдений мийрас илимий-изертлеў институты бул тараўда ўәкилликли уйым есапланады.

    Регламентке бола, Материаллық емес мәдений мийрас үлгилерин:

    - миллий дизимге киргизиў ямаса оннан шығарыў мәселеси илимий-методикалық кеңес тәрепинен;

    - жергиликли дизимге киргизиў ямаса оннан шығарыў мәселеси экспертлер топары тәрепинен көрип шығылады.

    Материаллық емес мәдений мийрас үлгилерин Материаллық емес мәдений мийрас үлгилериниң миллий ҳәм жергиликли дизимлерине киргизиў ямаса олардан шығарыў, сондай-ақ, олардың усы дизимлерге киргизилгенлиги ямаса киргизилмегенлиги ҳаққында белгиленген түрдеги мағлыўматнама бериледи.

    Мәмлекетлик хызмет көрсетилгенлиги ушын төлем өндирилмейди.


    No date selected
    July 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates