Нызамсыз газдиң жумсалыўын азайтыў мақсетинде 471 АЖҚШ санлы системаға жалғанды

    18 шілде 2025 3879

    Усы жылдың басынан берли өткерилген тексериўлер даўамында 1 394 тутыныўшы тәрепинен тәбийғый газ ҳәм электр энергиясынан нызамсыз пайдаланыў жағдайлары анықланды.

    Бул ҳаққында "Ўзэнергоинспекция" мәлимлеме хызмети хабар берди.

    Атап өтилиўинше, мәмлекет бойлап өткерилген қадағалаў илажлары даўамында:

    118,8 миллион куб метр тәбийғый газ (294,8 миллиард сум);

    197,1 миллион киловатт-саат электр энергиясы (327,5 миллиард сум) нызамсыз толтырылғаны ҳәм пайдаланылғаны ақыбетинде мәмлекет мәплерине жәми 622,4 миллиард сум зыян жеткерилген.

    Атап айтқанда, 2023-2025-жыллары автомобиллерге газ толтырыў шақапшаларында өткерилген оператив қадағалаў илажлары даўамында 182 жағдайда 457,8 миллион куб метр (755,2 миллиард сумлық) тәбийғый газден нызамсыз пайдаланылғаны анықланған.

    Мағлыўмат ушын: бул муғдардағы газ 91 419 шаңарақтың жыллық тутыныўына тең.

    Усындай жағдайлардың алдын алыў мақсетинде 471 АЖҚШ санлы қадағалаў системасына жалғанды.

    "Анықланған жағдайлар бойынша тийисли ҳүжжетлер ҳуқық қорғаў уйымларына жиберилип, белгиленген тәртипте илажлар көрилмекте", делинеди хабарда.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates