Қарар менен Самарқанд ўәлаятында драйвер жойбарларды әмелге асырыў ушын зәрүр шараятлар жаратыў бойынша мәнзилли бағдарлама тастыйықланып, онда төмендегилер нәзерде тутылған:

халықаралық, мәмлекетлик ҳәм жергиликли әҳмийетке ийе 298 км автомобиль жолларын, сондай-ақ, ишки хожалық жолларын ҳәм 15 жол өткелин қурыў, реконструкциялаў ҳәм оңлаў;

1 подстанцияны оңлаў, 70 трансформатор пунктин орнатыў, 14 районда (қалада) 137 км электр тармағын жаңалаў;

ишимлик суўы ҳәм канализация системасын жақсылаў ушын 14 районда 90 суў объекти ҳәм 242 км суў тармағын қурыў ҳәм оңлаў.

2026-жыл 1-июльден баслап Самарқанд қаласында:

аўыл хожалығы кәрханалары тәрепинен төленетуғын суў ресурсларынан пайдаланғаны ушын салық түсимлери толық түрде район (қала) лық суў тәмийнаты кәрханаларының ықтыярына өткериледи;

суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў мақсетинде пахта майданларында орнатылған тамшылатып суўғарыў системаларына талабанларға ҳәр бир гектар ушын белгиленген тәртипте 12 миллион сумнан субсидия ажыратылады.

2026-жыл 1-январьдан баслап ўәлаятта қурылыс, оңлаў ҳәм модернизациялаў жойбарлары қатаң түрде "жасыл" принциплер ҳәм энергия нәтийжелилиги бойынша минимал талаплар тийкарында әмелге асырылады.

2026/2027-оқыў жылынан баслап Ташкент қаласындағы Турин политехника университети менен биргеликте Каттақорған мәмлекетлик педагогикалық институтында инженерлик бағдарлары бойынша факультетти шөлкемлестириў илажлары көриледи.