Өзбекстан жеңил атлетикашылары Азия чемпионатында
Қытайдың Тянь-Цзин қаласында жеңил атлетика бойынша имаратларда өткерилип атырған Азия чемпионаты жуўмақланды. Валерия Горбатова бийикликке секириў бойынша алтын медалды, Сабоҳат Самижонова 800 метрге жуўырыў бойынша гүмис медалды қолға киргизди. Жуўмағында Өзбекстан сайланды командасы чемпионатты 3 алтын ҳәм 1 гүмис медаль менен жуўмақлады.
Грек-рим гүреси: жылдың дәслепки турниринде 6 медаль
Хорватияда «Zagreb Open» халықаралық турнири болып өтти. Ихтиёр Ботиров (55 кг ға шекем) ҳәм Алишер Ғаниев (60 кг ға шекем) гүмис, Шаҳзод Қўчқоров (72 кг ға шекем) бронза медалды қолға киргизди. Улыўма есапта Өзбекстан сайланды командасы 1 алтын, 2 гүмис ҳәм 3 бронза медалын қолға киргизди.
Конкур: Бекзод Қурбонов - Шаржада гүмис медаль ийеси
Бирлескен Араб Әмирликлериниң Шаржа қаласында болып өткен CSI3* халықаралық жарысында Бекзод Қурбонов 145 см аралықтағы тосықлар аралығында гүмис медалға ийе болды.