Бул ҳаққында Министрлер Кабинети жанындағы Макроэкономикалық ҳәм аймақлық изертлеўлер институты автомобиль базарын таллаўында мәлим етти.
Атап өткениндей, "Onix", "Lacetti" ҳәм "Spark" сыяқлы жергиликли автомобиллердиң баҳасы 0,8 проценттен 5,4 процентке арзанласқан.
Электромобиллерден BYD "Han" ҳәм "Yuan Up" маркалылары сәйкес түрде 1,6 процент ҳәм 2,4 процентке төменлеген. Сырт ел люкс моделлери, соның ишинде, Hyundai "Elantra" ҳәм Kia "Sportage" орташа 1,5 проценттен 3,4 процентке түскен.
Соның менен бирге, айырым жергиликли люкс автомобиллер ҳәм жаңа моделлерде сезилерли өзгерис бақланбаған.