Жаратылған имканиятлардан нәтийжели пайдаланған исбилермен ун дигирманын қурған. Буннан тысқары, өз қаржысы есабынан гүзги-қысқы мәўсимде палыз егинлери ҳәм мийўелерди сақлаў ушын сэндвич панелли заманагөй суўытқыш та шөлкемлестирди. Бул баслама жас исбилерменниң дәраматын арттырыў менен бирге, аймақта аўыл хожалығы өнимлерин сақлаў инфраструктурасын және де жақсылаў, базарда баҳаның турақлылығын тәмийинлеўге де үлес қоспақта.
Район ҳәкимлиги ҳәм Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды исбилерменликке тартыў, басламаларын қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратқан. Бул бағдарда жаслар санаат зоналары әҳмийетли экономикалық майданға айланып үлгерди, десек асыра айтқан болмаймыз.
- Районымыздағы жаслар санаат зонасында өнерментшилик жумысын жолға қойғанман. Бүгинги күнде ағашты қайта ислеў ҳәм мебель ислеп шығарыў менен шуғылланып, тек өзимди емес, ал 4 заманласымды да жумыс пенен тәмийинледим, - дейди Аяқшы мәҳәллесинде жасайтуғын жас исбилермен Шохруҳ Уразметов.
Ағашты қайта ислеў ҳәм мебель ислеп шығарыў тараўы бүгинги күнде экономиканың перспективалы бағдарларынан бири болып есапланады. Қурылыс ҳәм турақ жай базарының кеңейиўи, халықтың дәраматларының артыўы ҳәм заманагөй интерьерге талаптың жоқарылығы бул тармақтың раўажланыўына күшли түртки бермекте. Әсиресе, жергиликли шийки заттан нәтийжели пайдаланыў арқалы импорттың орнын басатуғын ҳәм экспортқа жарамлы өнимлер ислеп шығарыў имканияты бар. Буны аңлап жеткен жас исбилермен Жаслар ислери агентлиги ҳәм ҳәким жәрдемшисиниң көмегинде кредит алып, өз жумысын және де кеңейтип, жаңа ҳәм заманагөй үскенелер алып келиўди мақсет еткен.
Жавлонбек Қодировтың басшылығындағы "Lawa energy group" жуўапкершилиги шекленген жәмийети де жаслар санаат зонасында нәтийжели жумыс алып бармақта. Кәрхана халықтың турақ жайлары ҳәм офислер ушын үнемли ысытыў системалары, соның ишинде, ысытыў қазанларын ислеп шығармақта. Бул болса жергиликли өндиристи раўажландырыў ҳәм импорттың орнын басыўда үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
- Энергия ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, тәбийғый газ, көмир ҳәм электр қуўаты сыяқлы ресурслардың жумсалыўын азайтыў мәселеси әҳмийетли шараятта заманагөй, жоқары нәтийжелиликке ийе ысытыў қазанларына талап күн сайын артып бармақта. Соның ушын, өнимлеримизге талап үлкен. Әсиресе, энергияны үнемлейтуғын ҳәм автоматластырылған басқарыў системасына ийе қазанлар турақ жайлар ҳәм офис имаратлары ушын қолайлы ҳәм үнемли шешим есапланады, - дейди исбилермен жигит Ж.Қодиров.
Бул тараўда жергиликли өндирис көлемин арттырыў болса импорттың орнын басыў, өнимниң өзине түсер баҳасын азайтыў ҳәм ишки базарды турақлы тәмийинлеў имканиятын береди. Сондай-ақ, жаңа жумыс орынларын жаратыў, инженерлик ҳәм техникалық қәнигелерди таярлаўға жол ашады.
Мәмлекетимизде жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бирине айланған. Бүгин елимизде 22 миллионнан аслам жас үлкен экономикалық, социаллық ҳәм сиясий күш сыпатында жәмийеттиң раўажланыўында шешиўши орын ийелемекте. Сонлықтан, Президентимиз жақында жаслар менен ушырасыўда барлық дәрежедеги басшылар жасларды тил ҳәм кәсип-өнерге үйретиў, спортқа тартыў, идея ҳәм стартапларын қоллап-қуўатлаў, жумыслы ҳәм дәраматлы етиў бойынша және де жедел ислеўи шәрт екенлигин айрықша атап өтти. Ҳәр жылы 600 мың жас мийнет базарына кирип киятырғаны, 2030-жылға барып бул көрсеткиш 1 миллионға жетиўи күтилип атырғаны болса жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў мәселесин стратегиялық әҳмийетке ийе ўазыйпаға айландырмақта.
Тахтакөпир районындағы Айдынжол мәҳәллесинде исбилермен Муҳаметжан Сулайманов тәрепинен заманагөй тез таярланатуғын тағамлар орайы ашылды. Жойбар жеңиллетилген кредит қаржылары есабынан әмелге асырылған болып, бул елимизде исбилерменликти раўажландырыў ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў бағдарындағы реформалардың әмелий нәтийжеси болып есапланады. Жаңа шақапшаның иске қосылыўы нәтийжесинде бир неше жумыс орны жаратылып, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў имканияты кеңейди.
- Биз жасларға мәмлекетимиз жаратып атырған имканиятлардан қуўанышлымыз, - дейди исбилермен Муҳаметжон Сулаймонов. - Келешекте жумысымызды және де кеңейтип, хызмет көрсетиўдиң сапасын арттырыў ҳәм қосымша хызмет түрлерин жолға қойыўды режелестиргенмен.
Шымбай районы Гүжимли мәҳәллесинде жасайтуғын жас исбилермен Бектурсын Мырзабаев устазы Жаңабай Сапаровтан креатив усылдағы стол ҳәм отырғышлар жасаўды үйренген. Устаханасында заманагөй әсбап-үскенелер жәрдеминде халықтың талғамына сай өнимлерди буйыртпа тийкарында таярлап бермекте. Дәстүрий емес усылда исленген бул өнимлерге де қарыйдарлар көплеп табылмақта.
- Ҳәзирги ўақытта өнерментлерге де айрықша итибар қаратылған. Ҳәттеки бир айда 100 миллион сумға шекем дәрамат табатуғын дәрежеге жеттик, - дейди шымбайлы өнермент Адилбай Тәжимуратов. - Қарақалпақстандағы барлық исбилерменлер ушын жеңилликлер оғада көп. Олардан үнемли пайдаланып, мәмлекетимиз экономикасына өз үлесимизди қосыўға бәрқулла таярмыз.
Жаслар санаат зоналары жеңиллетилген жер майданы, кредит, инфраструктура ҳәм мәсләҳәт жәрдемин бериўши нәтийжели механизм есапланады. Бул майданларда жаслар өз идеясын әмелге асырыў, исбилерменликти баслаў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў имканиятына ийе болмақта. Ҳүкиметимиз қоллап-қуўатлап атырған жаслар исбилерменлиги болса экономиканы жанландырып, инновацияларды хошаметлеў, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм оларды жәмийеттиң белсенди ағзасына айландырыў сыяқлы ийгиликли мақсетлерге де хызмет етпекте.
Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы