Соңғы жыллары елимизде илимди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оның халықаралық көлемдеги бәсекиге шыдамлылығын арттырыў бойынша кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Нәтийжеде илимий белсендилик, халықаралық илимий басылымларда жәрияланған материаллар саны, сондай-ақ, жоқары рейтингли журналларда жәрияланған изертлеўлердиң үлеси избе-из артып бармақта.
Соның менен бирге, илимий кадрлар таярлаўдың сапасын буннан былай да арттырыў, изертлеўлердиң әмелий әҳмийетин күшейтиў, академиялық ҳүжданлылық принциплерин беккемлеў ҳәм тараўда басқарыў системасын заман талаплары тийкарында жетилистириў ең әҳмийетли ўазыйпалар қатарында қалмақта.
Усы мүнәсибет пенен презентацияда жоқары маманлықтағы илимий ҳәм илимий-педагог кадрлар таярлаў системасын жаңа басқышқа алып шығыў илажлары додаланды.
Мәмлекетимиздиң узақ мүддетли илимий-технологиялық раўажланыўында тийкарғы әҳмийетке ийе болған жасалма интеллект, қайта тикленетуғын энергетика, азық-аўқат қәўипсизлиги, медицина, суў ресурслары, жаңа материаллар, сейсмология сыяқлы бағдарлар бойынша илимий кадрлар таярлаўда изертлеўшилерди қоллап-қуўатлаўдың жаңа системасын енгизиў усыныс етилди.
Соның ишинде, тийкарғы бағдарлар бойынша докторантлардың стипендиясын 1,7 есеге арттырыў, илимий изертлеўлер ушын зәрүр әсбап-үскенелер ҳәм реагентлер сатып алыўы ушын оларға ҳәр жылы қосымша қаржы ажыратыў нәзерде тутылмақта.
Сондай-ақ, илимий басшылардың жуўапкершилигин күшейтиў ҳәм хошаметлеў механизмлерин жетилистириў усыныс етилди. Енди илимий басшылардың халықаралық илимий белсендилик көрсеткишлерин есапқа алған ҳалда, табыслы қорғалған диссертациялары ушын нәтийжеге бағдарланған хошаметлеў системасын енгизиў режелестирилмекте.
Және бир әҳмийетли бағдар сыпатында Жоқары аттестация комиссиясының жумысын түп-тийкарынан жетилистириў бойынша жаңа көзқараслар усыныс етилди.
Оларда Илимлер академиясы системасында Жоқары аттестация комиссиясының жумысын шөлкемлестириў, илимий кеңеслердиң жуўапкершилигин арттырыў, олардың жумысын рейтинг тийкарында баҳалаўды енгизиў нәзерде тутылған.
Сондай-ақ, илимий дәрежелер бериў процесслерин толық санластырыў арқалы артықша бюрократиялық тәртип-қағыйдаларды қысқартыў усыныс етилди. Атап айтқанда, диссертация қорғаў тәртибин санластырыў арқалы 50 процентке қысқартыў режелестирилген.
Соның ишинде, көп муғдардағы ҳүжжетлерди басып шығарыў, үлкен көлемде авторефератлар таярлаў, сондай-ақ, диссертацияларды қайта додалаўға байланыслы артықша талапларды бийкар етиў режелестирилмекте. Бул изертлеўшилер ушын және де қолайлы шараят жаратыў, ўақыт ҳәм қәрежетлерди қысқартыў имканиятын береди.
Буннан тысқары, илим ҳәм экономиканың реал секторы интеграциясын күшейтиў мақсетинде әмелий изертлеў жойбарлары шеңберинде PhD дәрежесин алыў имканиятын нәзерде тутатуғын "Жойбар шеңберинде илимий дәреже" ҳәм "Әмелий докторантура" бағдарламаларын енгизиў усыныс етилди.
Бул көзқараслар шеңберинде докторлық изертлеўлер өндирис ҳәм экономиканың әмелий талапларынан келип шығып қәлиплестириледи. Онда илимий излениўлер реал сектор кәрханалары менен биргеликте әмелге асырылады, олардың нәтийжелерин әмелиятқа енгизиўге айрықша итибар қаратылады.
Сондай-ақ, илимий жойбарларды қаржыландырыў ҳәм таңлап алыў системасын жетилистириў бойынша усыныслар көрип шығылды.
Бул процесске халықаралық экспертлерди тартыў, заманагөй санлы технологиялар тийкарында жойбарларды баҳалаў системасын енгизиў, илимий изертлеўлерди қаржыландырыўда ашық-айдынлық ҳәм нәтийжелиликти арттырыў нәзерде тутылған.
Соның менен бирге, илимий белсендиликтиң жоқары пәтлерде өсиўи изертлеўлердиң сапасын қадағалаў механизмлерин ҳәм академиялық ҳадаллық принциплерин және де күшейтиўди, сондай-ақ, ишки илимий қадағалаў қуралларын беккемлеўди талап етпекте.
Усы мүнәсибет пенен илимпазлардың илимий жумысын мониторинг етиўдиң бирден-бир санлы системасын енгизиў, илимий этика стандартларын жетилистириў, сондай-ақ, изертлеўлердиң сапасын қадағалаўдың нәтийжели механизмлерин жаратыў усыныс етилди.
Сырт елде жумыс ислеп атырған тәжирийбели ўатанлас илимпазлар менен бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери де додаланды.
Соның ишинде, илим тараўын халықаралық тәжирийбе тийкарында раўажландырыў, илимий изертлеўлер мәдениятын беккемлеў, заманагөй методологиялық стандартларды жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығатуғын Илимий-мәсләҳәт кеңесин шөлкемлестириў усыныс етилди.
Мәмлекетимиз басшысы билдирилген усынысларды пуқта ислеп шығыў, илим тараўын ҳәм илимий кадрлар таярлаў системасын заман талаплары тийкарында жетилистириў, илимий изертлеўлердиң сапасын арттырыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берилди.