Оған бола, Ҳүкиметтиң айырым қарарларына төмендегилерди нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди:
- арнаўлы экономикалық зона аймағында инвестициялық жойбарды әмелге асырыў ушын электрон-онлайн аукцион саўдаларының жеңимпазы болған юридикалық тәреплердиң Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (my.gov.uz) арқалы арнаўлы экономикалық зонаның қатнасыўшысы статусын алыў ушын қайта мәмлекетлик дизимнен өткерилиўи әмелиятқа енгизиледи;
- юридикалық шахсты қайта мәмлекетлик дизимнен өткериўде салық ҳәм кадастр мағлыўматлар базаларынан қатаң пайдаланады;
- Өзбекстан Республикасына санаат тараўындағы абырайлы халықаралық бренд қәнигелерин тартқанда жыйым өндириўден азат етиледи;
- миллий брендлерди жаратыў ушын тартылатуғын сырт елли қәнигелердиң Өзбекстан аймағында мийнет етиў ҳуқықын бериўши тастыйықлаўларды бериў тәртиби әпиўайыластырылады.