Елимиз ҳаял-қызларын ҳүрметлеў, олардың ийгиликли арзыў-нийетлерин қоллап-қуўатлаў, өзиниң таланты, әҳмийетли идея ҳәм басламалары, ибратлы жумысы ҳәм жетискенликлери менен жасларға үлги болып атырған, социаллық-экономикалық турмыстағы өзгерислер процесинде белсене қатнасып атырған, Ўатанымыздың раўажланыўы жолында өзиниң күш-ғайратын, заманагөй билим ҳәм көнликпелерин, руўхый-интеллектуаллық потенциалын көрсетип атырған қызларымызды мүнәсип хошаметлеў мақсетинде:
Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети жанындағы Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық комиссиясының Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының зийрек ҳәм қәбилетли қызларын айрықша минез-қулқы, бийтәкирар таланты, зийреклиги, интакерлиги, оқыўдағы жетискенликлери, сондай-ақ, билимлендириў, илим, әдебият, мәденият, көркем өнер, спорт, мәлимлеме технологиялары ҳәм жәмийетлик жумыс тараўларындағы айрықша жетискенликлери ушын Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықлаў ҳаққындағы усыныслары қосымша етилген дизимге муўапық мақуллансын.
Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық лауреатларына 8-март - Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен өткерилетуғын салтанатларда диплом ҳәм көкирек белгилери тапсырылсын.
Өзбекистан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлиги Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың ҳәр бир лауреатына базалық есаплаў муғдарының 50 есеси муғдарында ақшалай сыйлық берилиўин тәмийинлесин.
Өзбекистан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм басқа да ғалаба хабар қураллары Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлық лауреатларының ибратлы жумысы, айрықша қәбилети ҳәм жетискенликлерин кеңнен сәўлелендирип барсын.
5. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Ғ.Мирзаевқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти
Ш.Мирзиёев