ЕҚБШ Аралбойы регионында биологиялық көп түрлиликти мониторинг етиў бойынша гүзги экспедицияны қоллап-қуўатлады

    13 қазан 2025 497

    ЕҚБШның "Турақлы раўажланыў тәжирийбесин ҳәм климат өзгериўине қарсы гүресиў илажларын үгит-нәсиятлаў арқалы экологиялық қәўипсизликти беккемлеўге жәрдемлесиў" жойбары шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районында жайласқан Судочье көлине гүзги илимий-әмелий экспедиция өткерилди.

    Экспедиция ЕҚБШның Өзбекстандағы жойбарлар координаторының қаржылай жәрдеминде ҳәм Аралды қутқарыў халықаралық қоры агентлиги менен биргеликте Арал теңизи бассейниндеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша шөлкемлестирилди.

    Илажға Өзбекстан Илимлер академиясы, Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги ҳәм басқа да тийисли шөлкемлердиң жетекши илимпазлары ҳәм экспертлери қатнасты.

    Дала жумысларына суўдың қәдди ҳәм шорланыўын бақлаў, өсимликлердиң жағдайын тәрийиплеў, GPS карталастырыў, биологиялық көптүрлилик ҳаққындағы мағлыўматларды жыйнаў ҳәм дәслепки таллаўлар киргизилген. Мониторингтиң заманагөй усылларынан, соның ишинде, тири организмлердиң реакциясы тийкарында қоршаған орталықтың жағдайын баҳалаўдың нәтийжели қуралы болған биоиндикатциядан пайдаланылды.

    "Судочеь суў-батпақ экосистемасын мониторинг етиў тек ғана илимий емес, ал стратегиялық әҳмийетке ийе. Экспедиция нәтийжелери ҳәм климат өзгериўи, ҳәм антропоген факторлар ақыбетинде жүзеге келген өзгерислерди баҳалаў ушын тийкар болып хызмет етеди ҳәм Аралбойы регионының деградацияға ушыраған аймақларын тиклеў ҳәм биологиялық көп түрлиликти сақлаў бойынша усынысларды қәлиплестириў имканиятын береди", - деп атап өтти экспедицияға қосылған ЕҚБШның Өзбекстандағы жойбарлар координаторы, елши Антти Картунен. "Биз Орайлық Азияның ең әззи регионларынан биринде, әсиресе, Өзбекстанда "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл" экономика жылы" деп жәрияланған жылда биологиялық көп түрлиликти сақлаў бағдарындағы ҳәрекетлерди қоллап-қуўатлайтуғынымыздан қуўанышлымыз.

    Экспедицияда қатнасқан жойбар менеджери, Аралды қутқарыў халықаралық қоры агентлигиниң хызметкери Аброржон Каримовтың атап өтиўинше, "Судочьедағы мониторинг тек ғана мағлыўмат жыйнаў емес. Бул - аймақтың турақлылығына қосылған үлес. Биз әпиўайы көз бенен көриў мүмкин болмаған өзгерислерди белгилеп аламыз ҳәм оларды анық қарарлар қабыл етиў ушын тийкарға айландырамыз. ЕҚБШның жәрдеми менен экспедиция жоқары дәрежеде шөлкемлестирилди ҳәм барлық қәўипсизлик стандартларына әмел етилген ҳалда өтти.

    ЕҚБШның Өзбекстандағы жойбарлар координаторы 2016-жылдан берли Аралбойы регионының биологиялық көп түрлилигин мониторинг етиў бойынша Халықаралық қорға жәрдем берип келмекте. Судочье көлине экспедиция Орайлық Азияда тәбийғый ресурсларды турақлы басқарыў ҳәм экологиялық турақлылықты раўажландырыў бойынша кең көлемли басламаның бир бөлеги болып есапланады. ЕҚБШның қоллап-қуўатлаўы Өзбекстанға Париж келисимлери ҳәм Биологиялық ҳәр түрлилик ҳаққындағы конвенция шеңбериндеги халықаралық миннетлемелерди орынлаўдан тысқары, экологиялық басқарыўға заманагөй қатнасларды енгизиўге жәрдем бермекте.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates