Мәжилисте шығып сөйлеген Өзбекстан делегациясы мәмлекетимиздиң конструктивлик сөйлесиў, регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм көп тәреплеме шерикликти раўажландырыў бағдарындағы умтылысы исенимли екенин атап өтти. Халықаралық қатнасықларда бүгинги күнде бақланып атырған терең тарқалыўшылықты сапластырыў ҳәм исенимди тиклеў әҳмийетли ўазыйпа екени атап өтилди.
- Геосиясий кескинлик күшейип баратырған, қураллы келиспеўшиликлер, киберқәўип-қәтерлер ҳәм климат қәўип-қәтерлери барған сайын миллий шегаралардан шығып баратырған шараятта халықаралық институтлар, соның ишинде, ЕҚБШ өзиниң тийкарғы ўазыйпаларын нәтийжели орынлаўы ушын беккемлениўи керек, - деп атап өтти Бахтиёр Саидов.
Сыртқы ислер министри Өзбекстан ЕҚБШны реформалаў - оның нәтийжелилигин арттырыў, инклюзив характерин сақлап қалыў ҳәм заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўдеги потенциалын беккемлеўге қаратылған басламаларды қоллап-қуўатлайтуғынын атап өтти.
Министр өзиниң шығып сөйлеген сөзинде исеним, сөйлесиў ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиў аймағына айланып атырған Орайлық Азиядағы унамлы өзгерислерге де итибар қаратты.
- Кейинги сегиз жылда регион мәмлекетлериниң биргеликтеги ҳәрекетлери себепли бир қатар көп жыллық машқалаларды шешиўге, экономикалық интеграция процесслерин жеделлестириўге, транспорт байланыслылығын сезилерли дәрежеде беккемлеўге ерисилди, - деди Бахтиёр Саидов.











