Өзбекстан ҳәм Иран арасындағы парламентлераралық дослық байланыслары додаланды

    Сенаттың жергиликли ҳәкимият ўәкилликли уйымларының жумысын жеделлестириўге жәрдемлесиў комиссиясының баслығы Анвар Туйчиев "Иран - Өзбекстан" парламентлераралық дослық топарының баслығы Жавод Никбин басшылығындағы делегация менен ушырасты.

    Сөйлесиўде еки мәмлекет парламентлери арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў мәселелери додаланды.

    Атап айтқанда, "Өзбекстан - Иран" ҳәм "Иран - Өзбекстан" парламентлераралық дослық топарларының жумысын буннан былай да раўажландырыў, парламентлер дәрежесинде тәжирийбе алмасыў ҳәм биргеликтеги басламаларды қоллап-қуўатлаў зәрүрлиги атап өтилди.

    Жергиликли кеңеслердиң жумысын раўажландырыў, аймақлардағы басламаларды қоллап-қуўатлаў, ўәкилликли уйымлардың жумысында алдынғы тәжирийбени қолланыў бойынша бирге ислесиў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды. Бул бағдарда турақлы сөйлесиў ҳәм бирге ислесиўди жолға қойыўға өз-ара таярлық билдирилди.

    Тәреплер парламентлераралық сөйлесиўди турақлы даўам еттириў, имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм биргеликтеги басламаларды әмелге асырыў Өзбекстан менен Иран арасындағы дослық қатнасықларын жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет ететуғынын атап өтти.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates