Сөйлесиўде Өзбекстан менен Иордания арасындағы өз-ара пайдалы қатнасықларды, соның ишинде, парламентлераралық бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланды.
Еки мәмлекет халықларын улыўма тарийх, мәденият ҳәм уқсас қәдириятлар байланыстырып туратуғыны атап өтилди. Сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиў кеңеймекте.
Иордания Патшасы Абдулла II ибн ал-Ҳусайн 2025-жылы Өзбекстанға әмелге асырған дәслепки мәмлекетлик сапары еки тәреплеме қатнасықлар тарийхында жаңа басқышты баслап бергени айрықша атап өтилди. Сапар шеңберинде қол қойылған ҳүжжетлер ҳәм қабыл етилген "жол картасы" избе-из әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.
Соның менен бир қатарда, Аянлар мәжилисиниң Баслығы Фейсал Акиф ал-Файез Өзбекстан жүзлеген палестиналыларға баспана бергени, оларды социаллық қорғап, гуманитарлық жәрдем көрсетип атырғанын жоқары баҳалап, буның ушын Жақын Шығыс мәмлекетлери атынан шын жүректен миннетдаршылық билдирди.
Ушырасыўда саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди жеделлестириў, қоспа ҳүкиметлераралық комиссияның жумысын жолға қойыў, Исбилерменлер кеңесин шөлкемлестириў мәселелери бойынша пикир алысылды. Еки мәмлекеттиң имканиятларынан пайдаланған ҳалда экономикалық жойбарларды кеңейтиў ҳәм қолайлы инвестициялық орталық жаратыў әҳмийетли екенлиги айрықша атап өтилди.
Мәдений-гуманитарлық, билимлендириў, туризм ҳәм диний-ағартыўшылық тараўларында, фармацевтика, аўыл хожалығы ҳәм кәншилик тармақларындағы бирге ислесиўди және де жеделлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Еки мәмлекет парламентлери арасындағы бирге ислесиўди кеңейтиў, нызам дөретиўшилиги жумысында ҳәм парламентлик қадағалаўды әмелге асырыўда тәжирийбе алмасыўға айрықша итибар қаратылды.
Буннан тысқары, усы жылдың январь айында Олий Мажлис Сенатында Иордания парламентиниң жоқары палатасы менен бирге ислесиў бойынша парламентлераралық топар шөлкемлестирилгени, оның жумысы шеңберинде парламент комитетлери арасында турақлы сөйлесиўди жолға қойыў әҳмийетли екени атап өтилди.
Сөйлесиўлер жуўмағында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Иордания Ҳошимийлер Патшалығы парламентиниң Аянлар мәжилиси арасында өз-ара түсинисиў меморандумына қол қойылды. Бул ҳүжжет еки мәмлекет парламентлери арасында системалы сөйлесиўди жолға қойыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.
Ушырасыў жуўмағында Иордания Ҳошимийлер Патшалығы парламенти Аянлар мәжилисиниң Баслығы Файсал Акиф ал-Файиз Олий Мажлис Сенатының Ҳүрметли мийманлар китабына қолтаңба қалдырды.